Мәмлекеттиң энергия ресурсларынан нызамсыз түрде пайдаланыўға қарсы қадағалаўды күшейтеди

Энергия ресурсларынан нызамсыз түрде пайдаланыў жағдайларына қарсы гүресиў тараўында нәтийжели мәмлекетлик қадағалаў әмелге асырылады.
Бул бағдарда усы жылы 10-февраль күни Президенттиң «Энергия ресурсларынан нызамсыз түрде пайдаланыў жағдайларына қарсы гүресиў тараўы жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасы Президентиниң айырым ҳүжжетлерине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Пәрманы қабыл етилди.
Пәрманға бола, Президентимиздиң айырым ҳүжжетлерине төмендегилерди нәзерде тутыўшы өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилди, соның ишинде:
-жанар май- энергетика ресурсларын орынсыз жумсаў ҳәм олардан нызамсыз түрде ҳәм нәтийжесиз пайдаланыў жағдайларын анықлаў;
-сапасыз жанар май өнимлери реализациясына шеклеў қойыў бойынша мәмлекетлик қадағалаўды әмелге асырыў механизмлерин әпиўайыластырыў.
Атап айтқанда, Президентимиздиң 2023-жыл 24-майдағы Пәрманына киргизилген қосымшаға бола, электр энергиясы, нефть өнимлери ҳәм газден пайдаланыўды қадағалаў инспекциясы (Өзэнергоинспекция) тәрепинен жанар май-энергетика ресурсларын қазып алыў, ислеп шығарыў, қайта ислеў, тасыў, сақлаў, жеткерип бериў, (бөлистириў, сатыў) ҳәм тутыныў жумысы менен шуғылланатуғын хожалық жүргизиўши субъектлерде олардың жумысын тәртипке салыўшы нызамшылық ҳүжжетлерине әмел етиўи бойынша өткерилетуғын қадағалаў илажлары шеңберинде сутканың қәлеген ўақтында өткерилетуғын тексериўлер басланғаннан соң 24 саат ишинде «Бирден-бир мәмлекетлик қадағалаў» мәлимлеме системасында дизимге алыў арқалы ўәкилликли уйымды хабардар етиў тәртибинде әмелге асырылады,-деп мәлимлеме береди xabar.uz сайты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги