Университет ҳәм мәҳәлле – бир мақсет жолында

Университет аймағындағы мәҳәллелер арасында спорт жарыслары шөлкемлестирилди.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 11-апрельдеги «Мәҳәллелерде жасларды ғалабалық спортқа тартыўды жаңа басқышқа алып шығыў илажлары ҳаққында»ғы қарарында мәҳәллелерде халық, әсиресе, жаслар арасында ғалабалық спорт жарысларын системалы шөлкемлестириў арқалы саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў, оларды ғалабалық спортқа тартыўға қаратылған әҳмийетли ўазыйпалар белгилеп берилген.
Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети Дене мәденияты факультетиниң факультетлер аралық дене мәденияты кафедрасы тәрепинен университет аймағында жайласқан Шайырлар, Шығыс, Алмазар ҳәм Қурылысшы мәкан пуқаралар жыйынларының жаслары ҳәм үлкен жастағылары арасында спорттың шахмат-шашка ҳәм киши футбол түрлери бойынша жарыслар өткерилди.

Бул жарысқа мәҳәллелерден жәми 80 нен аслам нураныйлар ҳәм жаслар қатнасты.
Өткерилген жарыстың тийкарғы мақсети – Ҳүкимет қарарларының орынланыўын тәмийинлеў, сондай-ақ, университет пенен мәҳәллелер арасында бирге ислесиўди және де күшейтиў болып есапланады.
Жарыс қызғын беллесиўлерге бай болып, жаслардың шахмат-шашка, киши футбол түрлерине қызығыўшылығы ҳәм олардың спорт шеберликлери сынақтан өтти.
Жарыс жеңимпазлары шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған дипломлар ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.
Мадина Жумабаева,
ҚМУ Қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика
факультетиниң 2-курс студенти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги