Ҳәкимликлерге «сырт»тан эколог-консультантлар тартылады

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлерине Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министрлиги менен келисилген ҳалда экология ҳәм «жасыл раўажланыў» мәселелери бойынша консультантлар халықаралық қаржы институтларының грант қаржылары есабынан тартылады.
Президенттиң быйыл 7-февральда қабыл етилген усы жылғы мәмлекетлик бағдарламаға байланыслы пәрманында атап өтилиўинше, бул «аймақларда қоршаған орталықты қорғаў бойынша жумысларды нәтийжели шөлкемлестириў, аймақлық мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң бул бағдардағы жумысын жетилистириў» мақсетинде әмелиятқа қолланылмақта.
Сондай-ақ, мине, усы мақсетлерде 2025-жыл 1-сентябрьден баслап район (қала) дәрежесинде экологиялық паспортлар ҳәм экологиялық мастер режелер ҳәм аймақлардың экологиялық рейтингин ислеп шығыў ҳәм кең жәмийетшиликке усыныў әмелияты енгизиледи.
Тартылатуғын консультантлардың жумысын муўапықластырыўға болса Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министри А.Абдуҳакимов жуўапкер етип белгиленген.
Қарақалпақстан хабар агентлиги