2025-жылы қанша мектеп лаборатория үскенелери менен тәмийинленеди? – Министр жуўап берди

334

Нызамшылық палатасының мәжилисинде 2024-жылғы Мәмлекетлик бюджеттиң орынланыныўын додалаў даўамында депутатлар бир қатар сораўлар менен мүрәжат етти.

Соның ишинде, ӨзМТДП фракциясының ағзасы Азамат Пардаев партияның бағдарламалық ўазыйпаларынан келип шыққан ҳалда билимлендириў тараўы бойынша сораў менен мүрәжат етти:

– 2024-жылы 304 мектепке 652 лаборатория топламлары физика, химия, биология класс ханаларын үскенелеў ушын усыныс етилген. Ҳәзирги күнде 10 мыңнан артық мектеплер бар. 2025-жылы және қанша мектеплерди физика, химия, биология пәнлери бойынша лаборатория әсбаплары менен үскенелеў нәзерде тутылған?

– 2025-жылы 463 мектепке 528 топламларды бериў режелестирилген,-деди мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министри Ҳилола Умарова. – Ҳәзирги ўақытта бул бойынша жумыслар басланған. Сондай-ақ, халықаралық грантлар бойынша да жумыслар алып барылмақта. Мәселен, Азия раўажланыў банки менен қосымша лабораториялар енгизиў бойынша жумыслар алып барылмақта. Соның менен бирге, онлайн лабораториялар шөлкемлестириў бойынша да жумыслар режелестирилмекте. Әлбетте, теория ҳәм әмелияттың биргеликте алып барылыўы билимлендириўдиң сапасында әҳмийетли орын ийелейди,-деди министр.

М.Комилова,

ӨзА