Өзбекстан ҳәм Малайзия химия санаатында жаңа биргеликтеги жойбарларды жолға қояды

Өзбекстан ҳәм Малайзия арасындағы бирге ислесиў избе-из раўажланып, түрли тараўларда ири жойбарлар әмелге асырылмақта. Экономика, саўда, билимлендириў, мәденият ҳәм туризм сыяқлы бағдарлар қатарында химия санаатында да бирге ислесиў жаңа басқышқа көтерилмекте
Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң 4-5-февраль күнлери Малайзияға рәсмий сапары шеңберинде өткерилген биргеликтеги бизнес-форум еки мәмлекеттиң исбилермен топарлары ушын жаңа имканиятлар есигин ашты.
Форумда «Өзхимиясанаат» АЖ басқармасы баслығының орынбасары Акбар Курбонов басшылығандағы делегация да қатнасты.
Илаж даўамында Өзбекстан химия санаатының потенциалы ҳәм инвестиция жойбарларының презентациясы өткерилди. Сондай-ақ, делегация ағзалары бир қатар ири Малайзия компаниялары менен ушырасыўлар өткерип, перспективалы бирге ислесиў бағдарларын додалады.

Атап айтқанда, «Petronas» компаниясының директорлар кеңесиниң баслығы Махд Бакке Саллех пенен болып өткен сөйлесиўде МТО технологиясы тийкарында биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў ҳәм кадрлар таярлаў мәселелери додаланды.
Соның менен бирге, «Petronas» технология университети менен бирге ислесиўди раўажландырыў бойынша пикир алысты. «Sparco Engineering» компаниясының директоры Сумасни Сулаймон менен ушырасыўда химия санаатында инвестиция жойбарларын ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў имканиятлары додаланды.
Тәреплер формальдегид, титан диоксиди ҳәм малеин кислотасын ислеп шығарыў бойынша бирге ислесиў перспективаларына айрықша итибар қаратты. Малайзия компаниясы ўәкиллери усы жойбарларға қызығыўшылық билдирип, олардың жоқары инвестициялық тартымлығын атап өтти.
Буннан тысқары, Малайзия Эксиманки коммерция бойынша директоры Фоиза Мустафа ханым менен ушырасыў өткерилди. Сөйлесиўлер даўмында Өзбекстанның химия санаатында әмелге асырылып атырған жойбарларды қаржыландырыў перспективалары көрип шығылды.
«Өзхимиясанаат» АЖ делегациясының Малайзияға сапары даўмында жетекши компаниялар менен әҳмийетли сөйлесиўлер өткерилип, инвестициялық ҳәм технологиялық бирге ислесиў бойынша келисимлерге ерисилди. Бул болса санааттың раўажланыўы, инновацияларды енгизиў ҳәм жоқары қунға ийе өнимлер ислеп шығарыўға кең имканият жаратады.
Н.Зиёдуллаева, ӨзА