Велоспортшыларымыз Азия чемпионатында жетекшилик етпекте

211

Усы күнлери Таиланд мәмлекетиниң Пхитсанулок провинциясында велоспорттың шоссе түри бойынша Азия чемпионаты болып өтпекте.

Чемпионатқа қатнасып атырған Өзбекстан сайланды командасы бүгинги күнге шекем 3 алтын ҳәм 1 қола медалын жеңип алып, улыўма командалық есапта биринши орынды ийелеп келмекте.

Атап айтқанда, сайланды команда жаслары аралас эстафетада жеңимпаз болған болса, буннан кейин Самира Исмоилова жеккелик беллесиўлерде алтын медаль ийесине айланды.

Кеше өткерилген жарыста болса, ҳаял-қызлар арасында тәжирийбели Янина Кускова бәйги сызығына биринши болып жетип келди ҳәм Азия чемпионлығын қолға киргизди.

Ал, U-23 жас категориясында беллесиўлерге қатнасқан  Асал Ризаев да өзиниң шаққанлығы арқасында қола медалын жеңип алыўға миясар болды.

Жарыс еле даўам етпекте.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы