АИ-80 маркалы автомобиль жанар майынан пайдаланыў ҳәм сатыў шекленеди

Елимизде транспорт қураллларының саны кескин артып барыўы атмосфера ҳаўасының патасланыўы, денсаўлыққа байланыслы машқалалардың көбейиўи, сондай-ақ, қалаларда шаң, зыянлы газлер ҳәм түтин муғдарының артыўына байланыслы халық мүрәжатлериниң көбейиўине себеп болмақта.
Тараў ўәкиллериниң атап өтиўинше, АИ-80 маркадағы бензин жанар майынан ўаз кешиў нәтийжесинде транспорт қуралларынан атмосфера ҳаўасына тасланып атырған патасландырыўшы элементлер көлеми кескин азайып, ҳаўаның сапасы сезилерли дәрежеде жақсыланады.
Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министрлиги баспасөз хызметиниң мәлим етиўинше, 2025-жыл 1-майдан баслап кең жәмийетшиликтиң ўәкиллери, социаллық тармақ пайдланыўшылары, халықтың пикирин инабатқа алған ҳалда Ташкент ҳәм Нөкис қалалары ҳәм ўәлаят орайларында төмендеги бағдарларда жаңа жойбарларды әмелге асырыўға шек қойылады:
– асбест, цемент ислеп шығарыў, шлам ҳәм шлаклар;
– тери- ийлеў, қусшылық фабрикалары;
– нәтийжелилиги жоқары болған шаң-газ тазалаў имаратлары менен үскенеленбеген ҳәр қандай түрдеги көмир жағыў;
– қара ҳәм реңли металлургия заводлары, қурамында зәҳәрли араласпалар болған айна, зәҳәрли химиялық элементлер менен ислеў;
– қәўипсизлик дәрежесиниң I ҳәм II класына тийисли шығындыларды қайта ислеў ҳәм жағыў кәрханалары.
– Сондай-ақ, 2025-жылдың ақырына шекем барлық күш ҳәм ресурсларды жумсап, халықты сапалы, экологиялық таза ҳәм арзан жанар май менен тәмийинлеген ҳалда АИ-80 марқалы автомобиль жанар майынан пайдаланыўға ҳәм сатыўға шек қойылады.
ӨзА