«Илимли ҳаял – жәмийет айнасы» ҳәптелиги болып өтеди

БМШ Бас Ассамблеясы 2013-жыл 20-декабрьде «Раўажланыў мақсетлернидеги илим, техника ҳәм инновациялар» ҳаққындағы резолюцияны қабыллады.
Ҳүжжетте усы тараўда гендер теңликти тәмийинлеў кепиллиги сыпатында қәлеген жастағы ҳаял-қызлардың илим, техника ҳәм инновациялардың табыслы раўажланыўынан теңдей ҳәм толық пайдаланыў имканияты атап өтилди.
Арадан еки жыл өткеннен соң, БМШ Бас Ассамблеясының 2015-жыл 22-декабрьдеги жалпы мәжилисинде 11-февраль «Илим тараўындағы ҳаял-қызлардың халықаралық күни» сыпатында жәрияланды.
Бул сәне ҳәр жылы елимизде де кеңнен белгиленеди. Усы жылдың 10-15-февраль күнлери «Илимли ҳаял – жәмийет айнасы» атамасында ҳәптелик болып өтеди.
Ҳәптеликте илимпаз ҳаял-қызлар ҳәм илимий изленислер алып барып атырған изертлеўши, студент ҳәм оқыўшы-қызлардың қатнасыўында билимлендириў мәкемелеринде ҳәм мәҳәллелерде илимий-әмелий әнжуманлар, ҳаял-қызлардың илим-билимге болған қызығыўшылығын арттырыўға қаратылған ҳәр қыйлы илажлар өткериледи.
Соның ишинде, Ташкент мәмлекетлик экономика университетинде өткерилген «Ҳаял, бизнес ҳәм инновация» атамасындағы форумда ҳәптеликке старт бериледи.
Сондай-ақ, ҳәптелик шеңберинде бир қатар форум ҳәм әнжуманлар өткериледи.
Атап айтқанда, Жәҳән экономикасы ҳәм дипломатия университетинде «Өзбекстан илимпаз ҳаял-қызларының халықаралық масштабтағы орны» темасында форум, Ташкент химия технологиялары институтында «Ҳаял-қызларды STEAМ тараўына тартыў: жетискенликлер ҳәм машқалалар» темасындағы халықаралық форум, Ташкент мәмлекетлик шығыстаныў университетинде «Турақлы раўажланыў: инклюзив билимлендириў ҳәм ҳаял-қызлардың басламалары» темасындағы халықаралық форум, Өзбекстан Илимлер академиясы тәрепинен «Ҳаял-қызлардың илим ҳәм жетекшиликтеги орны» темасындағы илаж болып өтеди.
Соның менен бирге, Миллетлераралық қатнасықлар ҳәм сырт еллер менен дослық байланыслары комитетинде «Көп миллетли Жаңа Өзбекстанда илимниң раўажланыўы ҳәм исбилерменликти раўажландырыўдың өзине тән басқышлары» темасында халықаралық әнжуман, Ташкент мәмлекетлик техника университетинде «Инженер ҳаял-қызлар – 2025» форумы ҳәм көргизбе шөлкемлестириў нәзерде тутылған.
Ташкент мәлимлеме технологиялары университетинде «Мәлимлеме технологиялары тараўында ҳаял-қызлардың орны» темасында форум ҳәм көргизбе, Жәҳән экономикасы ҳәм дипломатия университетинле «Өзбекстан жас илимпаз қызлары – Үшинши Ренессанс жаратыўшылары» темасында әнжуман, Менделеев атындағы Россия химия технологиялары университетиниң Ташкент филиалында «Глобал ҳаял-қызлар түслиги» илажлары шөлкемлестириледи.
Назокат Усманова,
ӨзАның хабаршысы