Сертификатқа ийе болған өзбек тили муғаллимлерине 50 процент үстеме төленеди

204

Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Өзбекстан – 2030» стратегиясын «Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм «жасыл экономика» жылында әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарлама ҳаққында»ғы Пәрманы қабыл етилди.

Оған бола, мектеплердеги өзбек тили (мәмлекетлик тил) пәни муғаллимлериниң мийнет ҳақысына қосымша ҳақы төленеди. Бул ҳаққында Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министри Ҳилола Умарова өзиниң каналында мәлим етти.

Хабарда айтылыўынша, ендигиден былай өзбек тили ҳәм әдебияты сертификатына ийе болған педагог кадрларға 50 процент муғдарында ҳәр айлық қосымша үстеме төленеди.

«2025-жыл 1-февральдан баслап Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги системасындағы улыўма билимлендириў мәкемелеринде өзбек тили (мәмлекетлик тил) пәни бойынша сабақ бериўши ҳәм Билим ҳәм маманлықларды баҳалаў агентлигиниң миллий баҳалаў системасында алынған тийисли дәрежедеги өзбек тили ҳәм әдебияты сертификатына ийе болған педагог кадрларға олардың тариф ставкасына салыстырмалы 50 процент муғдарында ҳәр айлық қосымша үстеме төленеди»,-делинеди хабарда.

Қарақалпақстан хабар агентлиги