Жавоҳир Синдаров күшли шахматшыны жеңди

214

Германияның Вайссенхаус қаласында сыйлық қоры 750 000 АҚШ долларын қураўшы абырайлы турнир өзбекстанлы жас гроссмейстер Жавоҳир Синдаров ушын табыслы болып келди.

Атап айтқанда, ол турнирдиң шерек финалында дүнья рейтингинде 3-орынды ийелеп турған  америкалы Ҳикару Накамураны 3:1 есабында жеңип, турнирдиң ярым финалына шығыўға еристи.

Бүгин турнирдиң ярым финалында Жавоҳир Синдаров дүнья рейтингинде екинши орынды ийелеп турған Фабиано Каруанаға қарсы ойынға түссе, екинши ярым финалда Магнус Карлсен германиялы Винсент Кеймер менен финал жолламасы ушын өз-ара беллеседи.

Бул ушырасыўдың барлығы да Ташкент ўақты менен саат 17:00де басланады.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы