Қолайлы шараятлар жаратылып, ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатланбақта

276

Республикамыздың барлық аймақларында болғаны сыяқлы исбилерменликти қоллап-қуўатлаў ҳәм жаңа жойбарларды иске түсириўде ушырасып атырған машқалаларды анықлаў, оларды сапластырыў бойынша гезектеги ушырасыў Нөкис қаласында да болып өтти.

Илажға пайтахтымызда жумыс ислеп атырған исбилерменлер менен бирге, Нөкис қаласы ҳәкими А.Данияров, бир қатар министрлик ҳәм шөлкемлердиң басшылары қатнасты.

Ушырасыўда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаевтың басшылығында 2025-жылда әмелге асырылыўы белгиленген инвестициялық жойбарларды иске түсириў, локализацияластырыў бағдарламасына киргизилген ҳәм экспортёр кәрханаларға әмелий жәрдемлер көрсетиў, санаат өнимлерин ислеп шығарыўшы кәрханалардың толық қуўатлылықта ислеўин тәмийинлеў мәселелери талқыланды.



Илажда Жоқарғы Кеңес Баслығы Аманбай Орынбаев тәрепинен Өзбекстан Республикасы Президентиниң басшылығында елимизде исбилерменликти және де раўажландырыў, олар ушын барлық қолайлы шараятларды жаратыў бағдарында әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар, Қарақалпақстан ушын өз алдына қабыл етилген тарийхый пәрман ҳәм қарарлар ҳаққында кең түрде атап өтилип, айырым тараў жуўапкерлериниң өз жумысына немқурайдылық пенен қараўы нәтийжесинде, орынларда бир қатар кемшиликлер көзге тасланып атырғаны сын көзқараста  додаланды.

Бул кемшиликлерди унамлы шешиў мәселелери бойынша  исбилерменлердиң пикир-усыныслары тыңланып, оларды сапластырыў ушын жуўапкер басшыларға тийисли көрсетпелер берилди.



Илажда жаңа жумыс орынларын жаратыўға қаратылған ҳәр қандай инвестиция, өндирис ҳәм санаатты раўажландырыў бойынша жойбарлар Президентимиз тәрепинен бәрқулла қоллап-қуўатланатуғынлығы Жоқарғы Кеңес Баслығы тәрепинен айрықша тилге алынып, бул бағдардағы жумыслар буннан былай да даўам ететуғынлығына исеним билдирди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги