Атом энергетикасы тараўындағы жумыслар бойынша мәлимлеме берилди

776

Президент Шавкат Мирзиёев 10-февраль күни атом энергетикасы тараўында әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәм келешектеги тийкарғы ўазыйпалар бойынша мәжилис өткерди.

Халық ҳәм экономика тармақларының өсип баратырған талабын тәмийинлеў ушын мәмлекетимизде энергетиканың барлық дереклери иске қосылмақта. Дәстүрий генерациядан тысқары, соңғы жыллары дерлик 4 гигаваттлы оптимал қуўатлықлар иске қосылды ҳәм «жасыл» энергияниң үлеси 16 процентке жетти.

Келеси бес жылда және 25 гигаваттлы қайта тиклениўши энергия дереклери қурылады. Булардың есабынан жылына 64 миллиард киловатт саат «жасыл» энергия алынады. Улыўма, 2030-жылға барып, елимизде жәми генерацияда «жасыл» энергияның үлесин 50 проценттен арттырыў мақсет етилген.

Ҳәзирги ўақытта санлы технологиялар, электромобильлер, электр үскенелери, жасалма интеллект, майнинг сыяқлы тармақлардың раўажланыўы энергияға болған талапты кескин арттырмақта. Соның ушын көплеген мәмлекетлер жаңа түрдеги энергия қуўатлықларына өтиў жолларын излемекте. Жердиң астынан қазып алынатуғын жанылғылар өз орнын қайта тиклениўши дәреклерге босатып бермекте. Бүгинги күнге келип, дүньядағы жәми генерацияның 42 проценти оптимал энергия болып есапланады.

Узақ жыллық қуўатлықларды қурыўда атом энергетикасы оптимал болып есапланады. Ҳәзирги күнде дүньяда 375 гигаваттлы 417 атом реакторларынан пайдаланылмақта. Және жаңа станциялар қурылмақта, көп мәмлекетлер атом энергетикасын өзиниң раўажланыў стратегиясына киргизбекте.

Мәмлекетимизде уран резерви бар екенлигинен пайдаланып, узақ мүддетке мөлшерленген қуўатлылық шөлкемлестириў режелестирилген. Атап айтқанда, киши қуўатлықтағы реакторлар қурыў жойбары ислеп шығылды. 2024-жыл 5-декабрьде Самарқанд қаласында атом энергиясынан пайдаланыў мәселелери бойынша халықаралық конференция  өткерилди.

Мәжилисте жуўапкерлер атом энергетикасын раўажландырыўға байланыслы исленип атырған жумыслар бойынша мәлимлеме берди.

Мәмлекетимиз басшысы болажақ станция ҳәм системада ислейтуғын қәнигелерди ҳәзирден таярлаў, қәўипсизликти Халықаралық атом энергиясы агентлигиниң талаплары дәрежесинде тәмийинлеў бойынша тапсырмалар берди. Бундай технологиялар экономиканың бәсекиге шыдамлылығын арттырып, узақ мүддетли өсиў пәтлери ушын мүнәсип тийкар жарататуғыны атап өтилди.

ӨзА