Хабарыңыз бар, ҳәзирги ўақытта Бажыхана комитетиниң Бажыхана институтына оқыўға кириўди қәлеўши талабанлар ушын қабыллаў процесслери даўам етпекте. Ҳәр жылы 1-январьдан 1-апрельге шекем даўам ететуғын қабыллаў процесслерине бажыханашы болыўды қәлейтуғын жаслардың ҳүжжет тапсырып үлгериўи ушын орынларда үгит-нәсият жумыслары әмелге асырылмақта.
Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасы хызметкерлери, бажыхана институты курсантлары менен биргеликте Нөкис қаласындағы “Темурбеклер мектеби” әскерий академиялық лицейи оқыўшылары менен ушырасып, бажыхана институты ҳаққында толық мағлыўматлар берилди.
Бажыхана институтында оқыў мүддети 4 жыл болып, бажыхана жумысы ҳәм бажыхана жумысын ҳуқықый жүргизиў тәлим бағдарларында оқыўға кириўди қәлеўши талабанлар өз ҳүжжетлерин тапсырыўы мүмкин. Психологиялық тест, физикалық таярлық ҳәм аўызша сәўбетлесиў шәртлеринен табыслы өткен талабанлар Мәмлекетлик тест орайы тәрепинен абитуриентлерден алынатуғын тест сынақларына жоллама алады ҳәм тест нәтийжелери бойынша жоқары балл алғанлар оқыўға қабыл етиледи.
Ушырасыўда бажыхана системасына маман ҳәм билимли кадрларды жеткерип беретуғын Бажыхана институтына қабыллаў процесслери, таңлаў шәртлери, талабанның жуўап бериўи шәрт болған физикалық параметрлери ҳаққында толық мағлыўматлар берилип, қабыллаўдан кейинги оқыў дәўири ҳәм бажыхана институтында жаратылған шараятлар менен жақыннан таныстырылды.
Илажда оқыўшылардың қызықтырған сораўларына жуўап берилип, қабыллаў бойынша қосымша мағлыўматлары бар буклетлер тарқатылды.
Усындай ушырасыў Арқа-Батыс әскерий округинде мүддетли әскерий хызметти өтеп атырған қатардағы әскерлер менен де болып өтти. Оларға да Бажыхана институтының жумыслары, курсантларға жаратылған шараятлар, оқыўға кириў процесслери, оқыў даўамында курсантлардың кийим-кеншек ҳәм азық-аўқат пенен тәмийинлениўи ҳәм басқа да өзгешеликлери ҳаққында кең түрде мағлыўматлар берилди.
Ушырасыў жуўмағында қатардағы әскерлер өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги