Истиң көзин билгенге кең имканиятлар жаратылып атырған елимизде исбилерменлик тараўы жедел раўажланып, олардың мәмлекетимиз экономикасындағы тутқан орны жылдан-жылға артып бармақта. Бул болса, аймақлардың социаллық-экономикалық раўажланыўына өзиниң унамлы тәсирин тийгизбекте.
Саманбай аўыл пуқаралар жыйыны турғыны Жаңабай Балтабаев та өзине жаратылып атырған имканиятлардан нәтийжели пайдаланып киятырған жаслардың бири. 2002-жылы Кегейли районында туўылып, камалға келген ол, мектепти питкергеннен соң көпшилик жаслар сыяқлы, жоқары оқыў орнында оқыўға емес, ал, қандай да бир талаптың басын услап, дәрамат табыўды мақсет етти. Ол усы нийетлерин әмелге асырыў ушын Нөкис районында жасаўшы бөлеси Батырбек Пиримбетов пенен ойласқанында, бөлеси оған бөдене өсириў менен шуғылланыўды мәсләҳәт етип, Жаңабайды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлады.
«Көплеп тартқан жүк жеңил» дегениндей Жаңабай менен Батырбектиң биргеликтеги ис-жобаларының нәтийжесинде, 2019-жылы Хорезм ўәлаятынан 50 бас япон бөденесин алып келип, Батырбектиң шаңарағында сақлай баслады. Соңын ала бөдене сақлаўдың әдисин үйренген олар, бөденелердиң бас санын инкубатор арқалы көбейтип барды.
-Ҳәзирги ўақытта қорамызда 5000 бас бөдене сақлап атырмыз,-дейди Жаңабай қуўанышлы кейпиятта.-Соннан күн сайын Нөкистиң орайлық базарындағы сатыўшыларға 4800-4900 дана мәйекти 600 сумнан сатып, жумысларымызды жанландырып атырмыз. Үйимиз жанында инкубация цехы ислеп тур. Бөденелерди 7-8 ай сақлағаннан соң, олардың мәйек туўыўы азаяды. Сонлықтан оларды усы ўақытта сойып, базарға сатамыз. Олардың орнына жас шөжелерди бағып, өсирип атырмыз. Өткен жылы «Халық банк»тен 33 млн сум кредит алып, оған Хорезм ўәлаятынан арнаўлы жемлер сатып алдық. Алдағы ўақытлары бул тараўды еле де раўажландырып, халқымызды арзан ҳәм сапалы гөш ҳәм мәйек өнимлери менен тәмийинлеўге ҳәрекет етемиз. Буның ушын бизлерде барлық имканият ҳәм мүкиншиликлер бар.
Ҳақыйқатында да, соңғы жыллары жаслар арасында исбилерменликти раўажландырыўға қаратылып атырған итибар ҳәм қоллап-қуўатлаў нәтийжесинде Жаңабайға уқсаған жаслар өзлериниң бизнес жойбарларын әмелге асырып, халық абаданлығының артыўына өзлериниң үлеслерин қосып келмекте. Бундай искер жасларға болса, аймақлардағы мәҳәлле жетиликлери жақын қол-қанат болмақта.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы