Бүгинги күнде мәмлекетимизде «жасыл энергия»дан пайдаланыў барған сайын үлкен әҳмийетке ийе болып бармақта. Заманагөй альтернатив энергия дереклерин әмелиятқа кеңнен енгизиў арқалы энергия жетиспеўшилигиниң алдын алыў мүмкин екенлиги өз тастыйығын таппақта.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Қайта тиклениўши энергия дереклерин ҳәм энергия үнемлеўши технологияларды енгизиўди жеделлестириў илажлары ҳаққында»ғы қарары менен объектлерге қуяш панельлерин орнатыў жумысларын муўапықластырыў бажыхана уйымларына жүкленген.

Ҳәзирги ўақытта Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасы хызметкерлери тәрепинен объектлерде қуяш панельлериниң орнатылыўы, Бажыхана комитетиниң “Жасыл энергия” мәлимлеме системасына мағлыўматлардың дурыс киргизилиўи ҳәм тастыйықланған объектлерде электр энергия нәтийжелилиги бойынша орынларға шыққан ҳалда үйрениў жумыслары әмелге асырылмақта.

Нөкис қаласындағы кондитер өнимлерин ислеп шығарыў менен шуғылланатуғын жуўапкерлиги шекленген жәмийет 104 кВт.лық қуўатлылықтағы қуяш панельлерин орнатып, ҳәзирги ўақытта электр энергиясына болған талабының көпшилик бөлегин усы альтернатив энергия дереклери арқалы қанаатландырмақта.

Қуяш панельлери орнатылғаннан кейин кәрхананың ҳәр айдағы электр энергиясына қаржы жумсаўы ушын 10 миллион сум муғдарындағы қәрежети үнемленбекте. Тармаққа жалғанған электр энергиясынан қосымша дәраматқа да ийе болмақта.

Автотранспорт қуралларына техникалық хызмет көрсетиў менен шуғылланатуғын гезектеги исбилерменлик субъекти болса, 53 кВт.лық қуўатлылыққа ийе қуяш панельлерин орнатып, олар арқалы электр энергиясына болған талабын толық қанаатландырып атыр.

Электр энергиясы көп талап етилетуғын усы сыяқлы хызмет көрсетиў тараўына альтернатив энергия дереклериниң енгизилиўи республикамызда энергия жетиспеўшилигиниң алдын алыўға хызмет етеди, әлбетте.

Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасында альтернатив энергия дереклери орнатылыўын мониторинг етиў бойынша дүзилген жумысшы топар гезектеги мәнзилде турақ жайларға орнатылған қуяш панельлери мониторингин әмелге асырды.

Жас әўлад МПЖ дағы Дәрбент көшесинде жайласқан шаңарақ 5 кВт.лық қуўатлылықтағы қуяш панельлерин орнатып, тек ғана ишки мүтәжин қанаатландырып қоймастан, ал тутыныўдан аўысып қалған электр энергиясын тармаққа сатыў арқалы қосымша дәрамат та таўып атыр.

Қарақалпақстан Республикасында усы күнге шекем 4574 шаңараққа 16, 23 мВт.лық қуяш панельлери орнатылған болып, соннан өз тутыныўынан аўысқан 5754 МВт.лық электр энергиясы аймақлық электр тармақларына узатылыўы нәтийжесинде 3876 шаңарақ 2,2 млрд. сум муғдарында қосымша дәраматқа ийе болғанлығын атап өтиў керек.

 

Соның менен бирге, мәмлекетимиз басшысының тийисли қарары менен, қайта тиклениўши энергия дереклери қурылмаларын орнатқан ҳәм олардан пайдаланыўшы тәреплер, пайдаланыўға тапсырылған күннен баслап үш жыл мүддетке мүлк ямаса жер салығы, соның менен бирге, аўысып қалған энергияны мәмлекетке сатыўдан алынған дәраматтың пайда салығынан азат етилиўи белгиленген.

Бүгинги күнге шекем Қарақалпақстан Республикасы бойынша жәми 7665  объектте қуўатлылығы 44 мың 126 квт/с.қа тең болған қуяш панельлери орнатылыўы тәмийинленген. Соннан 1118 социаллық тараўға тийисли ҳәм мәмлекетлик объектлер, 1864 исбилерменлик субъектлери имаратларына ҳәм 4652 хожалықларға, 31 көп қабатлы жайларға орнатылған.

Альтернатив энергия дереклерин енгизиў бойынша сырт ел тәжирийбелери тийкарында мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған реформалар электр энергиясына барған сайын артып баратырған талаптың қанаатландырылып, энергия жетиспеўшилигиниң алдын алыўға хызмет етпекте.

Президентимиз тәрепинен 2025-жылдың “Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм “жасыл” экономика жылы” деп жәрияланыўы да “жасыл энергия” дереклеринен пайдаланыўдың келешеги жақсы болатуғынлығын көрсетпекте.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги