Қарақалпақстан медицина институтында өзбек әдебий тилиниң тийкарын салыўшысы, шайыр ҳәм мәмлекетлик ғайраткер, ғәззел мүлкиниң султаны Әлийшер Наўайының туўылғанына 584 жыл толыўы мүнәсибети менен әдебий кеше шөлкемлестирилди.

Кешеге институттың профессор-оқытыўшылары, студент-жаслар ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Илажда медицина инситутының жаслар мәселелери, руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық ислери бойынша биринши проректоры З.Алеуов, Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының өзбек әдебияты кафедрасы доценти, филология илимлериниң докторы С.Матякупов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, уллы данышпан шайыр ҳәм ойшыл Әлийшер Наўайының өмири ҳәм дөретиўшилиги, дүнья әдебиятындағы тутқан орны ҳаққында кең түрде мағлыўматлар берди.



Студент-жаслар уллы шайыр дөретпелеринен үзиндилер оқыды.

Өткерилген кешеде студентлер шайыр дөретиўшилиги менен байланыслы өзлерин қызықтырған сораўларына жуўап алды.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы