Ҳәзир үлкемизде әйне қыс мәўсими даўам етпекте. Қыстың қыраўлы күнинде жаздың жамалын, бәҳәрдиң гөззаллығын бағышлаўшы қолы гүл қыйтақ жер ийелери өзлериниң үй қапталындағы қыйтақ жерлерине ҳәр қыйлы палыз өнимлери менен  бирге шырайлы гүллерди жетистирип, халқымызға усынбақта. Әсиресе,  бундай шаңарақлар  Беруний  районында көпшиликти  қурайды. Солардың бири ыссыханаға гүллерди егип оны республикамыздың барлық районлары менен бирге қоңсы Хорезм ўәлаятына жеткерип берип киятырған  Бостан мәҳәллесинде жасаўшы Гүлжамал Асқарова мәўсим даўамында 80-100 млн сум дәрамат табады.

-Егер инсан мийнет етсе, барлық нәрсениң илажын тапса болады. Мине, қыйтақ жеримизден бир неше жыллардан берли гүл жетистирип киятырмыз. Көрген ўақытта адамға қуўаныш бағышлайтуғын гүллердиң тәрбиясы менен шаңарағымызда перзентлерим, ақлықларым менен биргеликте шуғылланып киятырмыз. Бәршеге мийнет етип, өз шаңарағына қосымша дәрамат табыўға шақырған болар едим. Себеби, қыйтақ жер мол дәрамат дереги,-дейди Г. Асқарова.

Қыс бийкаршының емес ал, мийнетке болған талаптың артып, тынып-тыншымайтуғын мәҳәли. Бул шаңарақ ийелери төрт мәўсимде де қыйтақ жеринде дийқаншылық етип, жерден мол дәрамат табыўға ҳәрекет етеди ҳәм соның менен бирге перзентлерин де мийнет ислеўге  үйретеди. Быйылғы «Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм «жасыл» мәкан жылы» нда елимизде әмелге асырылып атырған көклемзарластырыў илажларына үлес қосыўды өз шаңарағынан баслаған олар, бәҳәрде егетуғын нәллерин ыссыханаларда жетистириўди ҳәзирден-ақ баслап жиберген. Бундай илажлар бәршеге өрнек болса арзыйды.

Г.Турдышова, Қарақалпақстан хабар агентлиги