Бухара ўәлаятында жүз берген жағдай сапластырылды

465

Социаллық тармақларда Бухара ўәлаяты Ромитан районы Газли қалашасына жақын аймақта өрт жүз берип атырғаны ҳаққында хабар тарқалды.

Бухара ўәлаяты Айрықша жағдайлар басқармасынан алынған хабарға қарағанда, бүгин 10-февраль күни саат 11:26 да «Газли» магистрал газ қазыў басқармасының диаметри 1020 мм болған 26 кг басым астындағы «Бухара-Урал» МГҚның жер астынан өткен 106 километринде (ең жақын елатлы пункт Ромитан районы «Қызыл рабат» мәкан пуқаралар жыйынынан 40 километр узақлықта) авария жүз берген.

Алып барылған оператив ҳәрекетлердиң нәтийжесинде саат 11:30да қулағы жабылып, қалдық газлердиң шығып кетиўи бақланған. Ҳәзир авария толық сапластырылған. Ўақыя орнына ўәлаятлық АЖБ, Ромитан районы АЖБ баслығы 1 өрт-қутқарыў экипажы жетип барған.

Ҳәдийсе ақыбетинде дене жарақатын алғанлар ҳәм қайтыс болғанлар жоқ.

Қарақалпақстан хабар агентлиги