Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде Германияда билим алыў ҳәм оқыў имканиятларына бағышланған семинар болып өтти.
Онда Шет тиллери факультети деканы Дж.Курбанбаев, Халықаралық рейтинг жумысын мониторинг етиў бөлими баслығы И.Жолдасбаев, Немис тили ҳәм әдебияты кафедрасының баслығы Д.Бердимуратов ҳәм студент-жаслар қатнасты.
Илажда СПА жойбары менеджери Шоносир Шорахмедов қатнасып, студент-жасларға 2025-жыл ушын оқыў бағдарлары, виза мәселелери ҳәм сырт елде билим алыў процеси ҳаққында баҳалы мағлыўматлар берди.
Сондай-ақ, студентлер ҳәм профессор-оқытыўшылар Германия жоқары билимлендириў системасы, грант бағдарламалары, стипендиялар ҳәм оқыў ушын зәрүр болған ҳүжжетлер ҳаққында толық мағлыўматларға ийе болды.
Виза алыў процеси, арза тапсырыў басқышлары ҳәм Германияда студентлер ушын жаратылған шараятлар ҳаққында түсиник берилди.
Семинар даўамында қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды. Германияда оқыўды қәлеўши студент-жаслар ушын әҳмийетли усыныслар берилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги