Келеси 12 айлық мүддетте халықтың жоқары инфляциялық күтилмелери саўда тараўының ўәкиллери тәрепинен билдирилген.
Январь айында халықтың келеси 12 айлық инфляциялық күтилмелери өткен айға қарағанда өзгериссиз сақланып қалып, 14,4 процентке тең болды. Бул ҳаққында Орайлық банк мәлимлемесинде мәлим етилди.
Есабат дәўиринде келешекте баҳаларға арттырыўшы басым көрсетиўи мүмкин болған тийкарғы факторлар сыпатында коммуналлық хызметлер қымбатлайтуғынын атап өткен респондентлердиң үлеси көбейген болса, жанылғы ҳәм энергия ресурсларының қамбатлаўы, валюта курсының өзгериўи, транспорт қәрежетлериниң артыўы ҳәм баҳалардың жасалма арттырылыўын атап өткен халық респондентлериниң үлеси азайған.
Сондай-ақ, халықтың жоқары инфляциялық күтилмелери саўда тараўының ўәкиллери тәрепинен билдирилген болса, келешекте баҳалар қәлиплесиўи бойынша салыстырмалы төмен күтилмелер аўыл хожалығы тараўының ўәкиллери тәрепинен жүз берди.
Халық инфляциялық күтилмелериниң жоқары көрсеткиши Ташкент ўәлаятында, салыстырмалы төмен инфляциялық күтилмелер болса Жиззақ ўәлаятында жасап атырған халық тәрепинен атап өтилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги