Жолаўшылар жол ҳақыны пластиктен төлемекте

215

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 16-февральдағы «Жәмийетлик транспорт системасын реформалаў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-59-санлы қарарында жәмийетлик транспортта жолаўшыларды тасыўда заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларын енгизиў арқалы халыққа транспорт хызметлерин көрсетиў сапасын жақсылаў, жол ҳақыны жыйнаўда ашықлықты тәмийинлеў, улыўма пайдаланатуғын транспортта жолаўшы тасыў системасын буннан былай да жетилистириў, автоматластырылған төлеў системасын басқышпа-басқыш енгизиў белгиленген.

-Президентимиздиң қарарының орынланыўын тәмийинлеў, қала халқына және де қолайлықлар жаратыў мақсетинде, жол ҳақыны электрон система арқалы әмелге асырыў жолға қойылды,-дейди Қарақалпақстан Республикасы транспорт министрлигиниң Мәлимлеме хызмети баслығы Заҳида Қалжанова.-Соның ишинде, ҳәзирги ўақытта Нөкис қаласына жаңадан алып келинген 12  автобусқа электрон төлемин қабыл етиўши стационар валидаторлар орнатылған болып, онда жолаўшылар банк пластик картасы арқалы жол ҳақыны төлеўи мүмкин.


З.Қалжанованың мәлим етиўинше, февраль айының ақырына таман жолаўшы тасыў менен шуғылланыўшы кәрханалар тәрепинен Нөкис қаласына және де 44 автобус алып келинеди. Әлбетте, транспорт тараўында әмелге асырылып атырған бундай реформалар, халқымыздың ийгилиги ушын хызмет етеди, деп ойлаймыз.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы