Уллы тулғалардың дөретиўшилигине бағышланды

214

Төрткүл районындағы 8-санлы улыўма билим бериў мектебинде уллы дөретиўши тулғалар  Әлийшер Наўайы ҳәм Заҳриддин Муҳаммед Бабурдың дөретиўшилигине бағышланған «Биз уллы бабамыз Әлийшер Наўайы ҳәм Заҳриддин Муҳаммед Бабурдың избасарларымыз» атамасында әдебий дөретиўшилик кеше болып өтти.

Илажға район ҳәкиминиң орынбасары Г. Назарова, Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайының Төрткүл районлық бөлими баслығы Жанибек Сеттиев, шайыр М.Юсупова ҳәм муғаллимлер менен оқыўшы-жаслар қатасты. Дөретиўшилик кешени мектеп директоры Б.Атаджанов кирис сөз бенен ашты ҳәм уллы сөз зергерлериниң мәңгилик шығармалары әсирлер даўамында жасайтуғынын ҳәм олардың жаслар тәрбиясында үлкен орын тутатуғынын атап өтти. Буннан соң сөзге шыққанлар уллы шайырлардың шығармаларының қунлылығы, бийбаҳа әдебий ҳәм мәдений мийрас екенлиги ҳаққында сөз етти.

Әдебий бөлимде мектеп оқыўшылары Наўайы ҳәм Бабур шығармаларынан көркемлеп оқып, сахналық көринислер қойып берди. Дөретиўшилик кеше жасларымыздың әдебиятқа ҳәм уллы шайырлардың әдебий мийрасларына деген қызығыўшылығын арттырыўға тийкар болары анық.

Юлдуз Ниёзова, Бердақ атындағы ҚМУ дың қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика факультетиниң 2-курс студенти. 

Қарақалпақстан хабар агентлиги