Мәмлекетимизде Беларусьтың жаңа елшиси жумыс баслады

341

Беларусь Республикасының мәмлекетимиздеги жаңадан тайынланған Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Александр Огородников Өзбекстан сыртқы ислер министри Бахтиёр Саидовқа  исеним жарлығының нусқасын  тапсырды.

Министрликтиң мағлыўматына бола, ушырасыў ўақтында еки мәмлекет арасындағы бирге ислесиўдиң ҳәзирги жағдайы ҳәм перспективалары додаланған. Атап айтқанда, саўда-экономикалық  ҳәм гуманитарлық шерикликти және де беккемлеў, парламентлераралық  қатнасықты раўажландырыў ҳәм аймақлар арасындағы бирге ислесиўди  жеделлестириў мәселелери бойынша пикир алысылды.

Еслетип өтемиз, 2025-жыл 14-январь күни Беларусь Президенти Александр Лукашенко санаат министриниң биринши орынбасары Александр Огородниковти 2018-жылдан баслап ислеп келген Леонид Мариничтиң орнына Өзбекстандағы жаңа елши етип тайынлаў ҳаққында қарар қабыл еткен еди.

ӨзА