Оқыўшы қызларға пайдалы сабақ

Нѳкис қалалық 46-санлы улыўма билим бериў мектебинде алып барылып атырған руўхый-ағартыўшылық илажлар шеңберинде мектеп оқыўшыларының жас исбилерменлер Г.Елиўбаева ҳәм А.Тлеўовалар менен ушырасыўы болып ѳтти.
Онда атап өтилгениндей, миллий кийим – бул халқымыздың бийбаҳа байлығы. Миллий кийим – бул әпиўайы кийим емес, ол халықтың мәденияты ҳәм тарийхы, салт-дәстүри ҳәм турмыс тәризи сәўлеленген ата-бабаларымыздың бизге қалдырған муқаддес мийрасы.
Ушырасыўда халқымыздың қол өнерментшилик өнимлери, миллий кийимлер, ондағы нағыслардың өзгешеликлери, мәниси, бундай кийимлер қалай тигилетуғынлығы туўралы кең түрде мағлыўматлар берилди.

Әлбетте, усындай илажлардың билимлендириў мәкемелеринде ѳткерилиўи, оқыўшы-жасларымызда халқымыздың салт-дәстүрлерине деген қызығыўшылығын, туўған жерге деген мақтаныш сезимин ҳәм халық ѳнерментшилигине деген ҳүрмет сезимлерин раўажландырыўға хызмет етеди.
Ушырасыўда оқыўшы қызлар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Мадина Жумабаева,
ҚМУ Қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика
факультетиниң 2-курс студенти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги