«Әлийшер Наўайы ҳәм Шығыс Ренессансы» IV халықаралық симпозиумы қатнасыўшыларына

Ҳүрметли симпозиум қатнасыўшылары!
Ҳүрметли мийманлар!
Бәринен бурын, сиз әзизлерди, «Әлийшер Наўайы ҳәм Шығыс Ренессансы» IV халықаралық симпозиумының ашылыўы менен шын жүректен қызғын қутлықлайман.
Әййемги Өзбекстан жеринде, гөззал Зарафшан үлкесинде Шығыс Ояныў дәўириниң жарқын ғайраткери, уллы шайыр ҳәм ойшыл Мир Әлийшер Наўайының аты менен аталатуғын нәўқыран қалада биринши мәрте өткерилип атырған бул форумның абырайы дүнья көлеминде барған сайын артып бармақта. Бул ретки әнжуманда Азия, Африка, Европа ҳәм Америка континентлери мәмлекетлеринен көплеген белгили илимпаз ҳәм изертлеўшилер қатнасып атырғаны да бул пикирди айқын дәлиллейди.
Бул әнжуман Наўайы ўәлаятында «Әлийшер Наўайы жылы» деп жәрияланған быйылғы жылы, уллы ата-бабамыздың 584 жыллық туўылған сәнеси кеңнен белгиленип атырған күнлерде өтип атырғаны оның пайызын ҳәм қызығыўшылығын және де арттырмақта.
Қәдирли дослар!
Дүнья әдебияты ҳәм раўажланыў тарийхында өшпес из қалдырған Әлийшер Наўайының көп қырлы жәмийетлик-сиясий, дөретиўшилик, илимий-ағартыўшылық жумысы, бай әдебий-көркем мийрасы әсирлер даўамында жоқары адамгершилик, Ўатанға садықлық, әдиллик ҳәм жақсылық символы сыпатында бәрқулла жәҳән халқының итибарын тартып келмекте.
Ҳәзирети Мир Әлийшер Наўайы оғада қыйын шараятта миллий ҳәм улыўма инсаныйлық идеяларды бәлент көтерип шыққаны, өзбек әдебий тилине тийкар салып, оның мәңгилик руўхы, қүдирети ҳәм гөззалығын ҳәр тәреплеме дәлийллеп бергени шын мәнисиндеги мәртлик үлгиси, десек, әйне ҳақыйқатты айтқан боламыз.
Бул классикалық тулға дөнья әдебияты өлшемлерине, заман ҳәм тарийх сынақларына толық жуўап беретуғын дүрдана шығармалар дөретип, тек өзбек емес, ал барлық түркий әдебиятлардың раўажланыўына шексиз үлес қосқаны да жоқары мақтаўға мүнәсип болып есапланады.
Әлийшер Наўайының бийбаҳа дөретиўшилик мийрасы ҳақылы түрде дүнья әдебияты данышпанларының уллы шығармалары менен бир қатарда турыўы бизге шексиз мақтаныш бағышлайды.
Әсиресе, ойшыл ата-бабамыздың түрли халықлар арасында тынышлық ҳәм дослықты беккемлеў, адамзаттың жарқын келешегин биргеликте қурыўға шақыратуғын идея ҳәм көзқарасларының әҳмийети ҳәзирги қәўетерли дәўирде барған сайын артып бармақта.
Бүгинги күнде биз Жаңа Өзбекстанда Үшинши Ренессансты қурыў процесслеринде Әлийшер Наўайының шығармаларын өзимиз ушын таўсылмас күш-ғайрат ҳәм илҳам дереги деп билемиз. Сонлықтан бул сийрек ушырасатуғын байлықты терең үйрениў ҳәм үгит-нәсиятлаў бәрқулла итибарымыз орайында болады.
Пурсаттан пайдаланып, усы бағдарда елимиздиң илимпазлары менен белсене бирге ислесип киятырған сиз, әзизлерге, барлық илим ғайраткерлерине терең миннетдаршылық билдиремен.
Бул әнжуманға пухта таярлық көрген, Әлийшер Наўайының туўылған әййямын үлкен шадлық ҳәм дөретиўшилик жумыслары менен күтип алып атырған Наўайы қаласы ҳәм ўәлаятының халқына, жуўапкер басшыларға да қызғын миннетдаршылық билдиремен.
Сизлерди және бир мәрте шын жүректен қутлықлап, бәршеңизге беккем денсаўлық, илимий ҳәм дөретиўшилик жумысыңызда үлкен жетискенлик ҳәм әўметлер, әнжуман жумысына болса табыс тилеймен.
Шавкат Мирзиёев,
Өзбекстан Республикасы Президенти