Ушырасыўлар унамлы нәтийже бермекте

198

Хабарыңыз бар, усы жылдың 7-февраль күни Қарақалпақстан Республикасы делегация ағзалары Камбоджа мәмлекетиниң пайтахты Пномпень қаласындағы Парагон халықаралық университетинде Самарқанд қаласында болып өтетуғын ЮНЕСКО Бас конференциясының 43-сессиясына таярлық процесслери шеңберинде “Өзбекстанның мәдений мийрасы ҳәм реформалары” атамасында үгит-нәсиятлаў илажларын алып барды.

Илаж шеңберинде Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң ректоры, академик А.Реймов Парагон халықаралық университетиниң ректоры Б.Ахметкаримов пенен ушырасып, еки оқыў орны арасында билимлендириў бағдарында бирге ислесиў бойынша сәўбетлести,-деп хабар бермекте ҚМУ баспасөз хызмети.

Сәўбетлесиў барысында, еки университет арасында илимий-изертлеў жумысларын биргеликте алып барыў, студентлер, оқытыўшылар ҳәм изертлеўшилердиң алмасыў бағдарламаларын шөлкемлестириў, студентлер ҳәм питкериўшилер ушын биргеликтеги изертлеўлер, стажировкалар ҳәм әмелият бағдарламаларын ислеп шығыў, илимий ҳәм академиялық байланысларды жолға қойыў, халықаралық семинарлар, илимий конференцияларды биргеликте шөлкемлестириў бойынша бирге ислесиў меморандумына қол қойылды.

Бул келисим еки жоқары оқыў орны арасындағы дослық байланысларын және де беккемлеў менен бирге, жоқары билимлендириў тараўларында жаңа инновациялық идеялар ҳәм технологияларды раўажландырыўға хызмет етеди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги