Медициналық хызмет көрсетиўде үлкен өзгерислер әмелге асырылмақта

Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигинде Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими менен биргеликте тараў басшыларының қатнасыўында ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери ушын баспасөз конференциясы өткерилди.
Халыққа көрсетилип атырған медициналық хызметлердиң сапасын арттырыў, денсаўлықты сақлаў системасында әмелге асырылып атырған реформаларды избе-из даўам еттириў, бюджет қаржыларынан нәтийжели пайдаланыў ҳәм мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша жумысларды әмелге асырыў мақсетинде, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 5-сентябрь күнги «Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша илажлар ҳаққында»ғы қарары қабыл етилген еди.
Усы қарар тийкарында бул механизм 2024-жылдың 1-октябринен баслап, Ташкент қаласы ҳәм Сырдәрья ўәлаятында, 2025-жылдан баслап Қарақалпақстан Республикасы, Наўайы, Самарқанд, Бухара, Хорезм ҳәм Қашқадәрья ўәлаятлары, 2026-жылдан баслап мәмлекетимиздиң барлық аймақларында енгизилиўи белгиленген.
Баспасөз конференциясында Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министри М.Қурбанов, Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлиминиң баслығы Қ.Камалов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, медицинаға мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлериниң енгизилиўи бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар туўралы кең түрде мағлыўматлар берилди.

Атап өтилгениндей, усы қарардың әҳмийетин кең жәмийетшиликке кеңнен түсиндириў керек.
Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў шеңберинде бийпул медициналық хызметлер ҳәм дәри-дәрмақлар мәмлекет бюджетине төленетуғын салықлар есабынан әмелге асырылады. Яғный, халықтан қамсызландырыў ушын қосымша төлем өндирилмейди.
Төмендегилерди нәзерде тутыўшы мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлери басқышпа-басқыш енгизиледи.
– Соның ишинде, мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан қапланатуғын медициналық жәрдемниң кепилленген көлемлери тастыйықланады ҳәм бул пакетке киргизилген медициналық хызметлер ҳәм дәри қураллары Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қорының қаржылары есабынан көрсетиледи,-дейди Қ.Камалов.
Кепилленген пакетке киргизилген медициналық хызметлерден бийпул пайдаланыў ушын белгиленген мүддетлерде тийисли медициналық тексериўлерден өтиў, шаңарақлық шыпакерге яки медицина бригадасына мүрәжат етиў талап етиледи. Шыпакер рәсмийлестирген электрон рецепт тийкарында дәри қураллары кепилленген пакет шеңберинде наўқасларға дәриханалар есабынан бийпул бериледи ҳәм дәриханалардың тийисли қәрежетлери қордың қаржылары есабынан қапланады (реимбурсация бағдарламасы).
Сондай-ақ, медицина шөлкемлериниң жумысларындағы процесслерди өз ишине алыўшы «Электрон денсаўлықты сақлаў» мәлимлеме системасы жаратылады ҳәм иске түсириледи. Кепилленген пакетке киргизилген медициналық хызметлерди көрсетиўге мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес медициналық шөлкемлер кеңнен тартылады. Бунда районлық (қалалық), ўәлаятлық ҳәм республикалық емлеўханаларда медициналық жәрдем көрсетиўде кеселликтиң аўырлық дәрежесинен келип шығып, бийпул емленетуғын наўқаслардың дизими тастыйықланады ҳәм әмелиятқа енгизиледи. Жеңилликли категориядағы наўқаслар шыпакерлердиң көрсетпесине бола мәлимлеме системасы арқалы қәлиплестирилетуғын жоллама тийкарында Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан бийпул емленеди.
Қарарға муўапық, 2025-жыл 1-июльден баслап төмендегилер мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлери енгизилген аймақларда район (қала)лық ҳәм аймақлық дәрежедеги медицина мәкемелеринде режели стационар медициналық жәрдемди электрон гезек тийкарында бийпул алыў ҳуқықына ийе болады. Яғный, физикалық тәреплерден алынатуғын дәрамат салығы яки социаллық салық төлеўшилер, салық кодексине муўапық мийнет стажын есаплап шығыў ушын белгиленген муғдарларда салық төлеген шахслар, жас өспиримлер, билимлендириў шөлкемлериниң оқыўшы-студентлери, ҳәмиледар ҳаяллар ҳәм еки жасқа толмаған баласын бағып атырған шахслар, мийнет уйымларына жумыссыз сыпатында рәсмий дизимнен өткенлер, мәмлекетлик пенсиясын алыўшылар ҳәм «Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри» мәлимлеме системасы арқалы кем тәмийинленген, деп көрсетилген шаңарақлардың ағзалары.
2027-жыл 1-январьдан соңғы бир жыл даўамында кеминде 6 ай физикалық тәреплерден алынатуғын дәрамат салығы социаллық салық төлегенлер ушын мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў системасында жоқары технологиялық медициналық жәрдем бийпул әмелге асырылады.
Қарарға муўапық, мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиў шеңберинде, 2024-жылдың ақырына шекем «Электрон поликлиника» ҳәм «Электрон емлеўхана» мәлимлеме системалары әмелиятқа енгизилди. Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыўдың мәлимлеме системасы ислеп шығылды ҳәм ол да әмелиятқа енгизилди.
Медицина мәкемеси басшысына мәкемениң қуўатлылығы шеңберинде бөлимшелердиң қәнигелесиўин, олардағы емлениў орынлары санын өзгертиў ҳәм ажыратылған қаржылар шеңберинде хызметкерлер санын жумыс көлемине муўапық белгилеў кепиллиги берилди.
Медицина мәкемелери ушын тастыйықланған штат нормалары усыныслық түрге ийе есапланады ҳәм 2025-жылдың 1-июлинен медицина ҳәм фармацевтика хызметкерлериниң мийнетине ҳақы төлеўдиң өз алдына тәртиби ҳәм шәртлери енгизиледи. Көрсетилип атырған медициналық жәрдемниң тастыйықланған стандарт ҳәм протоколларға муўапықлығы ҳәм сапасы қадағаланады.
2025-жыл 1-апрельге шекем Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан жеңилликли категорияға кириўши шахслар емленетуғын наўқаслар дизими ҳәм базалық баҳалары наўқасларды емлеў бағдарлары тийкарында барлық медицина шөлкемлери ушын қайта тастыйықланады.
Баспасөз конференциясы даўамында ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги