Президент Администрациясы штат бирликлери кеминде 50 процентке қысқартыла ма?

328

Социаллық тармақларда Президент Администрациясында штат бирликлери кеминде 50 процентке, басқа мәмлекетлик шөлкемлерде де қысқартыў болатуғыны ҳаққында рәсмий түрде тастыйықланбаған мағлыўматлар тарқатылмақта. Президент баспасөз хаткери Шерзод Асадов усы хабарлар бойынша мүнәсибет билдирди.

Атап өтилиўинше, барлық дәрежелердеги мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларында, соның ишинде, Президент Администрациясынан баслап төменги шөлкемлерге шекемги барлық уйымларда штат бирликлери оплималластырып барылады ҳәм бул – турақлы процесс болып есапланады.

Буннан гөзленген тийкарғы мақсет – бир-бирин тәкирарлаўшы функцияларды қысқартыў, мәмлекетлик басқарыў системасы ҳәм мәмлекетлик хызметкерлердиң жумыс нәтийжелилигин арттырыў, барлық уйымларда бюджет қаржыларынан ақылға уғрас ҳәм үнемлилик пенен пайдаланыўды тәмийинлеў болып есапланады.

«Бул процесстиң көлеми қай дәрежеде болатуғыны, бул бағдарда тийисли үйрениў ҳәм таллаўлар өткерилгеннен кейин ғана белгили болады.

Сол себепли, ғалаба хабар қураллары, блогерлер ҳәм социаллық тармақ пайдаланыўшыларынан бул темаға байланыслы хабарларды тарқатыўда тек ғана рәсмий дереклерге сүйениўди сораймыз», делинеди рәсмий мүнәсибетте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги