Депутатлардың белсендилигин арттырыў мәселелери талқыланды

215

Соңғы жыллары елимизде депутатларға үлкен ўазыйпалар жүкленип, олардың жумысларында белсендиликти арттырыўға айрықша итибар қаратылмақта.

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Илим, билим ҳәм денсаулықты сақлаў комитети баслығының орынбасары, сенатор Орал Атаниязова халық депутатлары Нөкис қалалық Кеңесиниң алып барып атырған жумыслары менен танысыў мақсетинде, қалалық Кеңес депутатлары менен ушырасты.

Ушырасыўда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Ш.Өтемисов, Нөкис қаласы жергиликли Кеңес секретариат баслығы Т. Дошекенов ҳәм Нөкис қалалық Кеңеси депутатлары қатнасты.

Илажда сенатор О. Атаниязова тәрепинен Олий Мажлис Сенаты Кенгашиниң  «Халық депутатлары жергиликли Кеңеслердиң жумысларын үлгили шөлкемлестириў ҳаққында»ғы қарары ҳәм басқа да қабыл етилип атырған қарарлардың әҳмийетин түсиндириўде депутатлардың белсендилигин арттырыў керек екенлиги атап өтилип, бул бойынша депутатлардың пикир-усыныслары тыңланды.

Сондай-ақ, Халық депутатлары Нөкис қалалық Кеңесиниң жумысын үлгили шөлкемлестириў бойынша ўазыйпалар белгилеп алынды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги