Орынларда жәмәәтлик шәртнамалардың орынланыўы додаланбақта

371

Ҳәзирги ўақытта республикамыздағы барлық мәкеме ҳәм шөлкемлердеги кәсиплик аўқамларының 2024-жыл даўамында Жәмәәтлик шәртнама бәнтлериниң жумыс бериўши ҳәм кәсиплик аўқамы комитети  тәрепинен орынланыў жуўмақлары ҳәм 2020-жылдың февраль айынан 2025-жылдың февраль айына шекемги дәўирдеги кәсиплик аўқам комитети тәрепиннен ислеген жумыслары бойынша есабат-сайлаў жыйналыслары болып өтпекте.

Усындай жыйналыс 7-февраль күни Өзбекстан Мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында да өткерилди.

Жыйналысқа  кәсиплик аўқамы шөлкеминдеги филиал хызметкерлери қатнасты.

Күн тǝртибинде Жәмәәтлик шәртнаманың 2024-жылда орынланыўы, тексериў комиссиясының есабаты ҳаққында, қǝсиплик аўқамы комитети ағзаларын сайлаў, кǝсиплик аўқам комитети баслығын сайлаў, тексериў комиссиясы ағзаларын сайлаў, тексериў комиссиясы баслығын сайлаў  ҳәм жоқары кǝсиплик аўқамы уйымы конференциясына делегат ҳәм ўәкиллерди  сайлаў мәселелери көрип шығылып, додаланды.

Жыйналыста Өзбекстан Мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалының директоры Аманжол Аяпов,  кәсиплик аўқамы комитети баслығы Бердақ Бегжанов, Тексериў комиссиясының баслығы Жаббарберген Хожановлар есабат берди.

Улыўма жыйналыста Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының мийнет инспекциясының физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң мүрәжатлери менен ислесиў секторының баслығы Г.Рзаева, Өзбекстан транспорт, жол ҳәм капитал қурылыс, қурылыс индустриясы хызметкерлери кәсиплик аўқамы Республикалық Кеңеси баслығының орынбасары Б.Султановлар шығып сөйлеп, өткерилип атырған илажлардың жумыс бериўши ҳәм хызметкерлердиң өз-ара қатнасығын, мийнет интизамын беккемлеў, жумысшылардың ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин қорғаўдағы әҳмийетине кеңнен тоқтап өтти.

Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы Қарақалпақстан Кеңесиниң  шөлкемлестириў бөлими меңгериўшиси Г.Ильмурадова, Өзбекстан мәденият, спорт ҳәм туризм хызметкерлери кәсиплик аўқамы Қарақалпақстан Республикасы бирлескен комитетиниң баслығы Ж.Аяпов, Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министрлигиниң бөлим баслығы П.Авезмуратов ҳәм басқалар күн тәртибиндеги көрилген мәселелер, берилген мағлыўматлар бойынша пикир-усынысларын билдирип, тийисли қарарлар қабыл етилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги