Өзбекстан-Малайзия: бирге ислесиў ҳәр тәреплеме раўажланады

346

Өзбекстан Малайзия өз-ара қатнасықлары бойынша экономикалық қатнасықларды раўажландырыў мақсетиндеги ең дәслепки ҳукқықый негиз 1992-жылы июн айында Өзбекстан Республикасының Биринши Президенти И.А. Каримовтың Малайзияға сапары ўақтында «Мәдений ҳәм илимий шериклик», «Экономикалық ҳәм техникалық шериклик» ҳаққындағы келисимлерге қол қойылды. 1993-жылдың март-апрел айларында Малайзия Бас Министриниң Өзбекстанға сапары жуўмағында да бир қанша ҳүжжетлер қабыл етилди. Нәтийжеде еки мәмлекет арасында товар алмасыўға кирисилген еди.

Дәслеп Малайзия тарийхына қысқаша тоқтап өтсек. Малайзия Қубла-Шығыс Азиядағы мәмлекет болып оның аймағын Қытай теңизи екиге ажыратып турады. Батыс Малайзия (Малайя) Малакка ярым атаўының қубласында, Шығыс Малайзия Калимантал атаўының арқа бөлегинде жайласқан.

Мелаю аты санскрит тилиндеги «Малаиур» ямаса «Малаядвипа» сөзлеринен келип шыққан болып, «таўлы мәмлекет» деген мәнисти аңлатады. Майданы 332,8 минг кв.км., халқы 28,3 млн. адам (2010). Пайтахты — Куала-Лумпур қаласы. Аймақлық жақтан 13 штат ҳәм 3 федерал аймаққа бөлинеди. Халқының 60% ин малайзиялылар қурайды. Мәмлекетлик дүзими федеративлик мәмлекет, конституциялы монархия. Уллы Британия басшылығындағы шериклик қурамында. Әмелдеги конституциясы 1963-жылы қабылланған, оған Малайя федерациясының 1957-жылғы конституциясы тийкар етип алынған ҳәм соңынан дүзетиўлер киргизилген. Мәмлекет баслығы — жоқары ҳүкимдар болып, ол 9 малайя кеңесиндеги жасырын даўыс бериў жолы менен 5 жыл мүддетке сайланады. Нызам шығарыўшы уйымы— 2 палаталы парламент. Атқарыў ҳәкимияты Бас Министр басшылығындағы министрлер кеңеси әмелге асырады. Малайзияның 2022-жылдан баслап әмелдеги Бас министри – Анвар Ибраҳим есапланады.

Малайзия тәбияты экватор үлкесинде жайласқан. Малакка ярым атаўының үлкен бөлегин төбеликлер, пәслик ҳәм орташа бәлентликлердеги таўлар ийелеген. Малайзия тарийхы. Бул аймақта дәслепки адамлар ерте палеолит дәўиринде жасаған. Эрамыздан алдыңғы 3-1 мың жыллықларда Малакка ярым атаўына Қытайдың қубла-батысынан австронез қәўимлери келип орналасқан. Эрамыздың 1-мың жыллық басларында Орайлық Суматрадан малайялардың әўладлары көшип келген. Малакка ярым атаўы халқының Ҳиндстан менен саўда ҳәм мәдений байланыслары бул жерде дәслепки мәмлекетшиликтиң жүзеге келиўинде үлкен әҳмийетке ийе болған. Бундай мәмлекетлер Малакка ярым атаўының арқасында, дәрьялардың қуярлығындағы қалаларда пайда болған. Бул қала-мәмлекетлер III-XIVәсирлерде өзинен күшлирек қоңсы мәмлекетлерге бағынышлы болған. XV-әсир ҳәм XVI-әсир басларында Малакка ярым атаўы, Риау архипелагы ҳәм Суматра атаўының шығыс бөлеги Малакка султанлығы қол астында бирлестириледи. Хожалығы – индустриал-аграр мәмлекет. Әдебияты – малайя, қытай, тамил ҳәм инглис тиллеринде жаратылады. Малайя тилинде дөретилген әдебият баслы орынға ийе. VII-әсирде тарийхый, ҳуқықый, диний мазмундағы шығармалар, қыссалар, нәсиятнамалар әдебияты жаратыла басланған. Малайя әдебиятының жаңа дәўирин баслап берген әдебиятшы Абдулла ибн Абдулқадир Муншийдур.

Архитектура ҳәм сүўретлеў-өнери бойынша Малайзия аймағында эрамыздан алдыңғы 1-мың жыллықтың екинши ярымына тийисли гүлли керамикалық ыдыс ҳәм ҳәйкеллер (Алор-Гажах ҳәм Берхаллимадағы тас естеликлер), Клангда ҳәм Тембелинг дәрясы бойында террасалар, сағаналар, бронза буйымлар табылған. VII-VIII әсирлерге шекем ҳинд үлгилерине еликленген будда ибадатханалары ҳәм ҳәйкеллери тикленген. Безеў өнеринде алтын ҳәм гүмистен, керамикадан пайдаланылған, кестешилик раўажланған. XIV-әсирден ислам дини кирип келиўи мүнәсибети менен мусылман имаратлары үрп болған (Перах, Кедах ҳәм Жохорда XVII-XVIII әсирлерде мешит ҳәм мақбаралар қурылған). XV-XIX әсирлерде әсиресе гүлалшылықта қытайлардың тәсири күшейген. XVI-әсирде әййемги мәденият дағдарысқа ушырап, европа архитектурасы ҳәм көркем-өнери енгизиле баслайды. XIX-әсирдиң екинши ярымында қалалар (Пинанг, Куала-Лумпур) раўажланды.

Европа, Қытай, Ҳиндстан, мусылман методлары араласпасынан ибарат имаратлар қурылады. Турақ жайлар қазық ҳәм таслардың үстине, жерге ағаш ҳәм бамбук бағаналарынан қурылады.

XX әсир басларынан шийше ыдысларды ислеп шығарыў жолға қойылады. Перакте кестешилик раўажланған болып, шаңарақларда тоқылған таўардан саронги деп аталыўшы миллий кийим ҳәм орамаллар кестешилик усылында таярланады. Келантан зергерлери тағыншақ буйымлары, ойма нағыслы ыдыслар, қуманлар, қутышалар ислейди.

Өткен жылдың 17-19-май күнлери Малайзия Бас министри Анвар Ибраҳим Өзбекстанда рәсмий сапарда болған еди.  Бунда Ҳүкиметлер аралық комиссияның биринши мәжилиси болып, исбилерменлер кеңеси дүзилип, бир қатар ири бизнес-форумлары шөлкемлестирилген еди. Мине усы ийгиликли истиң даўамы сыпатында Өзбекстан-Малайзия дослық қатнасықларын және де раўажландырыў ҳәм әмелий шерикшиликти, соның қатарында саўда, инвестициялар, инновациялар, технологиялық кооперация, нефт-химия, электроника ҳәм ярымөткизгишлер санааты, «жасыл» энергетика, «ақыллы» аўыл хожалығы, зыярат туризми, мәдений-гуманитарлық тараўларындағы өз-ара тәжирийбелер алмасыўларын жеделлестириў ҳәм басқа да көплеген әҳмийетли бағдарлардағы бирге ислесиўлерди кеңейтиў мақсетинде, Президентимиз Шавкат Мирзиёев Малайзия Бас министри Анвар Ибраҳимниң мирәт етиўине бола 4-5 февраль күнлери рәсмий сапар менен усы мәмлекетте болды.

Куала-Лумпурдағы ҳүкимет комплексинде Президентимизди Малайзия Бас министри Анвар Ибраҳим салтанатлы түрде күтип алып, жоқары мәртебели мийман ҳүрметине әскерлер сапқа дизилип, еки мәмлекет гимнлери айтылып, кейин еки мәмлекет жетекшилери рәсмий делегациялар ағзаларын ҳәм дипломатиялық корпус ўәкиллерин қутлықлады.

Бул ушырасыў шеңберинде Куала-Лумпур қаласында Анвар Ибраҳим менен еки тәреплеме сөйлесиўлер, Малайзияның жетекши компаниялары басшылары менен ушырасыўлар, биргеликтеги бизнес форумы ҳәм басқа да илажлар болып өтип, еки мәмлекет арасында биргеликтеги билдириўлер ҳәм бир қатар келисимлерге қол қойылды.

Аймақлық бирге ислесиўдиң әҳмийетли тәреплери де көрип шығылып, еки мәмлекет арасындағы бирге ислесиўлерди және де раўажландырыўға қаратылған салмақлы келисимлер топламы қабылланды.

Өзбекстан Президенти ҳәм Малайзия Бас министри 2025−2026 жылларды еки мәмлекеттиң өз-ара шерикшилигин инновациялық раўажландырыў дәўири деп жәриялаўға 5-февраль күни Куала-Лумпурда келисип алды. Шерикшиликти раўажландырыў ҳәм жоқары дәрежедеги келисимлердиң орынланыўын нәтийжели муўапықластырыў мақсетинде, сыртқы ислер министрлериниң стратегиялық сәўбети ушын платформа жаратылады, жеңилликли саўда туўралы келисим ҳәм санаат кооперациясы жойбарлары ислеп шығылады.

Тәреплер кооперация жойбарларын қоллап-қуўатлаў мақсетинде, Ташкент ўалаятында Малайзияның жетекши компаниясының басқарыўында арнаўлы экономикалық зона шөлкемлестирилмекте. Малайзия ҳүкимети Өзбекстанның Жәҳән саўда шөлкемине ағза болыўын белсене қоллап-қуўатламақта. Мәдений-гуманитарлық алмасыўларды даўам еттириўдиң әҳмийетлилигин атап өтип, усы жылы Өзбекстан ҳәм Малайзияда мәденият ҳәптелиги өткериледи.

Өзбекстан ҳәм Малайзия арасында бажыхана, жоқары билимлендириў, денсаўлықты сақлаў тараўларында шерикшилик шәртнамалары, «ақыллы» қалаларды раўажландырыў тараўында бирге ислесиў туўралы протокол ҳәм 2025−2026 жылларға мөлшерленген коррупцияға қарсы гүресиў бойынша шерикликти тереңлестириў режесине қол қойылды.

Куала-Лумпурдағы өз-ара сөйлесиўлер жуўмағында Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Малайзия Бас министри Анвар Ибраҳим Стратегиялық шериклик жолында еки тәреплеме ислесиўди тереңлестириў ҳаққында биргеликтеги билдириўге қол қойды.

Сондай-ақ, төмендеги ҳүжжетлер қабыл етилди:

  • Өнимлердиң «ҳадал» стандартларына муўапықлығын баҳалаў тараўында бирге ислесиў ҳаққында келисим;
  • Бажыхана жумысларында бирге ислесиў ҳәм өз-ара жәрдем ҳаққында келисим;
  • Жоқары билимлендириў тараўында бирге ислесиў ҳаққында келисим;
  • Денсаўлықты сақлаў тараўында бирге ислесиў ҳаққында келисим;
  • Мәденият тараўында бирге ислесиў ҳаққында келисим;
  • Суд-экспертлик жумысы тараўында бирге ислесиў ҳаққында келисим;
  • Академиялық-дипломатиялық бирге ислесиў ҳаққында келисим;
  • «Ақыллы» қалаларды раўажландырыў тараўында бирге ислесиў ҳаққында протокол;
  • 2025−2026 жалларда коррупцияға қарсы гүресиў тараўындағы шерикликти тереңлестириў бойынша биргеликтеги реже.

Сондай-ақ, жетекши илим-изертлеў орайларының ушырасыўы болып өтип, жақын күнлерде Өзбекстанның туризм потенциалы ҳәм мәдений мийрас презентациялары, еки мәмлекеттиң жетекши жоқары оқыў орынлары ректорларының форумы ҳәм басқа да иләжлар өткерилди.

Бирге ислесиў бағдарындағы жумыслар даўам етпекте. Хабарыңыз бар, ҳәзирги күнде Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети ректоры, академик А.Реймов хызмет сапары менен Малайзия мәмлекетинде болып турыпты. Сапар даўамында Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети ҳәм Малайзияның Султан Идрис билимлендириў университети арасында илимий бирге ислесиўди және де беккемлеў мақсетинде меморандумға қол қойылды.

Бул меморандум еки университет арасындағы өз-ара байланысларды раўажландырыўға, илимий-изертлеў ҳәм билимлендириў тараўларындағы алдынғы тәжирийбелерди үйрениў ҳәм биргеликте жаңа басламаларды әмелге асырыўға қаратылған. Қол қойылған ҳүжжетке бола, студентлер ҳәм профессор-оқытыўшылардың алмасыўы, биргеликтеги илимий-изертлеў жойбарлары, халықаралық семинарлар ҳәм конференцияларда бирге ислесиў сыяқлы бир қатар басламалар әмелге асырылады. Бул бирге ислесиў, еки университет арасында оқыў ҳәм илимий мағлыўматлар, илимий излениўлер ҳәм әдебиятлар бойынша тәжирийбе алмасыў имканиятларын береди.

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети ҳәм Султан Идрис билимлендириў университети арасындағы бул бирге ислесиў, тек ғана билимлендириў тараўында емес, ал илим, технология ҳәм мәденият тараўларында да жаңа имканиятларды жаратыўға хызмет етеди. Сапар даўамында еки университет арасында өз-ара пайдалы келисимлер ҳәм илимий байланыслар беккемленип, алдыңғы билимлер алмасыўы ҳәм илимий потенциалды арттырыўға қаратылған режелер әмелге асырылыўы күтилмекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги