Өзбекстан – Қырғызстан ушырасыўының ўақты өзгерди

834

Футбол бойынша Өзбекстан миллий сайланды командасы быйыл Жәҳән чемпионаты Азия континенти 3-таңлап алыў басқышының 7-турында Қырғызстан сайланды командасына қарсы өз майданында ойнайды.

Усы сайланды командалардың беллесиўи 20-март күни Ташкенттеги «Бунёдкор» стадионында өткериледи. Дәслеп бул ушырасыўдың басланыў ўақты 18:45 етип белгиленген еди. Бирақ Ораза айы мүнәсибети менен тамашагөйлерге қолайлылық жаратыў мақсетинде ойын ўақты Ташкент ўақты менен 21:15 ке көширилди.

Өзбекстан сайланды командасы Азия континентинде футбол бойынша Жәҳән чемпионатында 3-таңлап алыў басқышының «А» топарында 13 очко менен екинши орынды ийелеп тур.

Қарақалпақстан хабар агентлиги