Швецияда аянышлы ўақыя жүз берди

Жақында қуралланған адам Швецияның Уребро қаласында кеминде 10 адамды атып өлтирди ҳәм бир неше адамды жарақатлады.
– Бул жынаят мәмлекет бас министри тәрепинен «Швеция тарийхындағы ең жаман жалпыламай атысыў» деп тәрийипленди», – деп жазбақта «СNN» басылымы.
Атысыў Рисбергска аймағындағы мектеплерден биринде жүз берди. Социаллық тармақларда тарқалған видеолардан оқыўшылардың парта астына жасырынып атырған көринислерди көриў мүмкин.
Жағдайды сапластырыўда 130 ға шамалас полиция хызметкери жумыс алып барған.
Қарақалпақстан хабар агентлиги