Өзбекстан СИМ басшысының биринши орынбасары Қатар елшиси менен ушырасты

343

Мәмлекетимиз сыртқы сиясат уйымы басшысының биринши орынбасары Баҳромжон Аълоев кеше Қатар елшиси Ҳасан бин Ҳамза Ҳошим менен ушырасты.

Сыртқы ислер министрилигиниң мағлыўматына қарағанда, ушырасыўда Өзбекстан-Қатар стратегиялық шериклигиниң бүгинги жағдайы ҳәм оны раўажландырыў перспективалары додаланып, жоқары дәрежедеги сөйлесиўлер даўамында ерисилген келисимлердиң толық әмелге асырылыўын тәмийинлеўге қаратылған ўазыйпалар белгилеп алынды.

Тәреплер сондай-ақ, ҳәр түрли дәрежедеги болажақ биргеликтеги илажлардың кестеси ҳәм күн тәртиби бойынша пикир алысты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги