Сенат жанындағы Жаслар парламентиниң баслығы ҳәм орынбасарлары сайланды

351

Олий Мажлис Сенатында парламенттиң жоқары палатасы жанындағы Жаслар парламентиниң биринши мәжилиси болып өтти.

Сенат баслығы Танзила Норбоева басшылығында өткен бул мәжилиске сенаторлар, халық депутатлары жергиликли кеңеслердиң баслықлары, турақлы комиссиялардың ағзалары, аймақлардағы белсенди жаслар ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты. Илажда жаслар тәрепинен бир қатар әҳмийетли пикир-усыныслар алға қойылды. Сондай-ақ,  Жаслар парламентиниң комиссия баслықлары ҳәм олардың ағзалары сайланды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги