Студентлеримиздиң Ташкенттеги табысы

Ташкент қаласында бадминтон бойынша «Универсиада–2025» спорт жарысларының финал басқышы болып өтти.
Жарысқа елимиздиң барлық аймақларынан ең күшли бадминтоншылар қатнасып, жеңимпазлық ушын өз-ара гүрес алып барды.
Еки күн даўам еткен жарыслар жуўмағында, улыўма командалық есапта қарақалпақстанлы бадминтоншылар Ташкент ўәлаяты командасынан соң екинши орынды ийелеўге миясар болды.
Атап айтқанда, жекпе-жек беллесиўлерде қызлар арасында Өзбекстан мәмлекетлик денетәрбия ҳәм спорт университети Нөкис филиалының студенти Ҳүрзия Абдреймова, жуплық баскышында Казбек Махамбетов пенен Әмир Дусанбаев, жуплык қызлар арасында Шахноза Генжебекова ҳәм Зарина Атаниязовалар үшинши орынды қолға киргизиўге еристи.

Жарыс соңында жеңимпаз командалар ҳәм спортшылар шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған арнаўлы диплом, медаль ҳәм естелик саўғалар менен сыйлықланды.
Жеңимпаз спортшыларды бул жарысқа Жанназар Қурбаниязов, Рахат Бекназаров ҳәм Нийетбай Аметовлар таярлады.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы