Сыртқы саўда айланысының ҳәзирги жағдайы қандай?

353

Өзбекистан Республикасы Президенти тəрепинен 2020-жыл 3-августта  «Өзбекстан Республикасының миллий статистика системасын жəне де жетилистириў ҳəм раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарары қабыл етилип, оған  муўапық статистика уйымлары талап жоқары болған сапалы ҳəм исенимли мағлыўматларды қəлиплестириўге, статистикалық мағлыўматлардың ашық-айдынлығын тəмийинлеўге қаратылған профессиональ, бийғəрез хызметке айланбақта.

Мəмлекетимизде статистика тараўында бирден-бир сиясатты əмелге асырыўға қаратылған хуқық ҳəм миннетлемелерди беккемлеў арқалы Өзбекстан Республикасы статистика комитети рəсмий статистиканы жаратыў менен байланыслы өз ҳуқықларын барлық мəмлекетлик уйымлар ҳəм мәкемелерден бийғəрез түрде əмелге асырыў тəртиби орнатылды.

Бунда статистика уйымларының нызамлы жумысына, соның ишинде, рəсмий статистика есабатлары ҳəм бақлаўларын өткериў ҳəм оларды баспадан шығарыў, жəриялаў процесслерине ҳəр қандай араласыўларға жол қойылмайды. Мəмлекетлик статистика комитети тəрепинен жаратылған статистикалық мағлыўматлар рəсмий статистикалық мағлыўмат сыпатында жəрияланады.

Республикамыз бойынша сыртқы саўда айланысы 2024-жылдың январь-декабрь айларында 681,6 млн. АҚШ долларын, соннан 420,1 млн. АҚШ долларын экспорт операциялары, 261,5 млн. АҚШ долларын импорт операциялары қурады.

Сыртқы саўда айланысының сальдосы 158,6 млн. АҚШ долларын қурады. Республика сыртқы саўда айланысында ең үлкен үлести Түркия мәмлекети ийелеген болып, 2024-жылдың январь-декабрь айларында 130,4 млн. АҚШ доллары муғдарында сыртқы саўда операциялары, соннан 106,5 млн. АҚШ долларлық экспорт операциялары және 23,9 млн. АҚШ доллары муғдарында импорт операциялары әмелге асырылды. Сондай-ақ, январь-декабрь айларында республикамыздың сыртқы саўда айланысында, Россия Федерациясы, Қытай Халық Республикасы, Қазақстан ҳәм Латвия мәмлекетлериниң де үлеси көп болды.

Экспорт қурамында ең үлкен үлести химиялық өнимлер (60,7%), азық-аўқат өнимлери (17,6%), ал импорт қурамында болса, машина ҳәм әсбап-үскенелер (50,2 %) ҳәм басқа өнимлер (19,1%) қурады.

 

Полатбек Боранбаев,
Қарақалпақстан Республикасы Статистика

 басқармасының сыртқы экономикалық байланыс

 ҳәм саўда  статистикасы бөлими баслығы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги