Ҳаял-қызлардың үй-шараятында бәнтлиги тәмийинленеди

183

Нөкис районы ҳәкимлигинде Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси баслығының орынбасары М.Ахмедованың  басшылығында ушырасыў болып өтти.

Ушырасыўға район ҳәкиминиң орынбасары Ө.Хасанов, Беруний районынан исбилермен  Г.Алламбергенова ҳәм мәҳәлле белсендилери қатнасты.

Онда район аймағындағы ҳаял-қызлардың жәмийетлик турмыстағы  жәмийетлик-сиясий белсендилигин арттырыў, олардың бәнтлигин тәмийинлеў, исбилерменлик көнликпелерин қәлиплестириў мәселелерине тоқтап өтилди.


Сондай-ақ, исбилермен Г.Алламбергенованың тәжирийбеси бойынша  Нөкис районында да «1000 қусшылық» жойбарын әмелге асырыўды жолға қойыў, үй шараятында ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеў кереклиги атап  өтилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги