Өзбекстан елшиси Исландия президентине исеним жарлықларын тапсырды

Елимиздиң Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Равшан Усмонов (резиденциясы Лондон қаласында жайласқан) Исландия президенти Халла Томасдоттирге исеним жарлықларын тапсырды.
Рәсмий мәресимнен соң болып өткен сөйлесиў ўақтында Исландия жетекшиси еки тәреплеме қатнасықлар тарийхында биринши мәрте Өзбекстан елшисиниң усы мәмлекетке тайынланыўы, Өзбекстан басшысы Шавкат Мирзиёев тәрепинен алып барылып атырған ашық ҳәм прагматикалық сыртқы сиясаттың сөзсиз нәтийжеси екенлигин атап өтти.
Сондай-ақ, Өзбекстан ҳәм Исландия арасындағы бирге ислесиўди раўажландырыў перспективалары бойынша пикир алысылды. Саўда-экономикалық, мәдений ҳәм туризм тараўларында байланысларды жеделлестириў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.
Исландия жетекшиси энергетика, жоқары технологиялар ҳәм санластырыў, балықшылық, туризм ҳәм қоршаған орталықты қорғаў сыяқлы тараўлардағы бирге ислесиў еки тәреплеме пайдалы болатуғынын атап өтти.
Еслетип өтемиз, Өзбекстан ҳәм Исландия арасындағы дипломатиялық қатнасықлар 1997-жыл 25-сентябрьде орнатылған. Дипломатымыз Равшан Усмонов 2024-жыл 16-май күни Уллы Британия ҳәм Арқа Ирландия Бирлескен Патшалығы патшасы Чарльз III ге исеним жарлықларын тапсырған еди.
ӨзА