Хамидтиң исбилерменликтеги табыслары

Соңғы жыллары елимизде Президентимиз басшылығында халықтың жумыс пенен бәнтлигин тәмийинлеў, исбилерменликти қоллап-қуўатлаў ҳәм оларға кең имканиятлар жаратыў бағдарында кең көлемли илажлар әмелге асырылмақта. Бундай қолайлықлардан нәтийжели пайдаланып киятырған исбилерменлеримиз болса, аймақларда өндиристи раўажландырып, халықтың бәнтлигин тәмийинлемекте.
Шығысы хорезмли Хамидбек Қасимов та усындай инсанлардың бири. 2002-жылы Нөкиске Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетине оқыў мақсетинде келген, ол юридика факультетинде оқып билим алды ҳәм оқыўды тамамлағаннан соң бир неше жыллар даўамында мәмлекетлик салық инспекциясы тараўында жуўапкерли ўазыйпаларда жумыс иследи. Бирақ, ондағы қәбилет ҳәм умтылыс Хамидтиң буннан кейинги турмыс жолын исбилерменликке тутастырып жиберди.
Дәслеп өзиниң жигит ағасының кәрханасында ис басқарыўшы болып жумыс ислеген ол, кейин ала 2017-жылы «Осиё ёғдуси» жуўапкершилиги шекленген жәмийетин ашып, исбилерменлик пенен шуғыллана баслады.
-Президентимиздиң елимиз исбилерменлерине жаратып берген имканиятларынан нәтийжели пайдаланып, 2019-жылы инвестиция киргизиў шәрти менен Нөкис районы Саманбай аўыл пуқаралар жыйыны аймағында бос турған «Қаттыағар» ММТП устаханасын жәмийет балансына алдым,-дейди Хамидбек Қасимов.-Соңынан устахана имаратына капитал оңлаў жумысларын жүргизип, ол жерге кондитер өнимлерин ислеп шығаратуғын заманагөй үскенелерди алып келип орнаттық. Буннан соң кәрханамызға Ташкент қаласынан бул тараўда үлкен тәжирийбеге ийе жетик қәнигелерди алып келип, аймақта усы тараўға қызығыўшы жасларды қәнигелердиң жәрдеминде оқытып, олардың ис-тәжирийбесин арттырдық. Мине соннан берли, Нөкис ҳәм Ақмаңғыт дийқан базарларына өзлеримиздиң өнимлеримизди шығарып, сатып атырмыз.

Ҳәзирги ўақытлары Қытай ҳәм Иранда ислеп шығарылған заманагөй технологиялар жәрдеминде он бир түрли кондитер өнимлерин ислеп шығарып атырған, бул кәрханада саманбайлы 9 жас жумыс ислеп атыр.
-2015-жылы Нөкис қаласындағы 2-санлы медколледжди питкерип, соннан берли үйде жумыссыз отырған едим,-дейди усындай жаслардың бири Гүлжәҳан Арзиева.-2024-жылдың сентябрь айында усы кәрханаға жумысқа өтип, бул жерде өзим қатарлы қурбыларым менен жумыс ислеп атырман. Жумысымыз саат 8:30 да басланып, 18:00 де тамамланады. Түски пайыт усы жерде аўқатланамыз. Бул жерде бизлердиң өнимли жумыс ислеп, дем алыўымыз ушын қолайлы шараятлар жаратылған. Мийнет ҳақымызды да өз ўақтында алып турмыз. Буның ушын жәмийет баслығы Хамид ағаға үлкен рахмет айтамыз.
-Ҳәзирги ўақытлары кәрханамызда ислеп шығарылған өнимлеримизди тек Нөкис қаласына емес, ал, Хорезм ўәлаятына да шығарып сатпақтамыз,-дейди Хамид Қасимов.
Келешекте кәрханада ислеп шығарылатуғын өним түрлерин көбейтип, жаңа жумыс орынларын ашыўды мақсет еткен бул исбилермен, усы бағдарда жаңа жойбарлар үстинде излениўлер алып бармақта.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы