Экспортты кеңейтиў мәселелери келисилди
337

Қарақалпақстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлигинде экспорт пенен шуғылланыўшы исбилерменлер менен ушырасыў шөлкемлестирилди.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Аўыл хожалығы министриниң орынбасары Н.Каюпов, тараў қәнигелери ҳәм Корея Республикасынан келген ЖШЖ басшылары Hong yoon Ho ҳәм Park Dal Young қатнасты.

Ушырасыўда экспорт потенциалын кеңейтиў бойынша Қарақалпақстан Республикасында жетистирилип атырған мәш өнимлерин дийқан ҳәм фермер хожалықларынан сатып алып, оларды қайта ислеў ҳәм сырт мәмлекетлерге экспорт етиў жумысларын жолға қойыў бойынша сөйлесиўлер алып барылды. Соның менен бирге, алдағы ўақытлары басқа өнимлердиң де экспортын жолға қойыў бойынша пикир-усыныслар билдирилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги