Азия ойынларының ашылыў мәресими өткериледи

Бүгин Қытайдың Харбин қаласында қысқы Азия ойынларының ашылыў мәресими болып өтеди.
Азия континетиниң 34 мәмлекетинен 1275 спортшы қатнасатуғын бул жарыста мәмлекетимиздиң спорт делегациясы да қатнасады. Атап айтқанда, 24 спортшымыз 6 спорт түри бойынша елимиздиң абырайын қорғайды. Соның ишинде, шорт-тректе Даниил Ейбог ва Денис Айрапетянс, конькиде жуўырыўда Данила Семериков, таў лыжасында Медет Назаров, Арман Гаюпов, Никита Горковский, Сабина Режепова, Валерия Ковалёва, Ксения Григорева, Мария Морозова, лыжа альпинизминде Моҳинур Аралова, Феруза Бобоқулова, Эъзоза Шаймарданова, Асила Шойимова, Жасур Шамсиддинов, Мақсудхон Акобиров, Шоҳруҳ Сардоров, Эъзозбек Хушвақтов, фигуралы сырғанаўда Екатерина Гейниш, Дмитрий Чигирев, Нигинабону Жамолиддинова, Севинч Раҳимова, биатлонда Ролан Раимқулов, Дилмурод Абдураҳмоновлар беллесиўлерге кириседи.
Өзбекстан Миллий Олимпиада комитетиниң мәлим етиўинше, «Лыжа альпинизми бойынша сайланды командамыз ағзалары Жасур Шамсиддинов пенен Феруза Бобоқулова Харбин-2025 қысқы Азия ойынларының ашылыў мәресиминде мәмлекетимиз байрағын көтерип, делегациямызды стадионға алып шығады.
Ашылыў мәресими мәмлекетимиз ўақты менен саат 17:00 де басланады.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы