«Айритом» халықаралық саўда зонасында ашылған жеке меншик клиника өткен жылдың өзинде 15 мың сырт ел пуқарасына медициналық хызмет көрсетти

Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында өткерилип атырған видеоселектор мәжилисинде социаллық тараў шөлкемлери де экспорт жумысында және де белсене қатнасыўы зәрүр екенлиги атап өтилди.
Өткен жылы «Медициналық хызметлер миймандослығы» бағдарламасы басланды. Хирургия, дерматология, эндокринилогия орайлары сырт ел пуқараларына хызмет көрсетиўден 1 миллион долларға шекем қаржы түсирип атырған болса, 18 илимий орайда хызметлер экспорты 300 мың долларға жетпей атыр.
Усы мүнәсибет пенен 24 қәнигелескен орайдың медициналық хызметлер экспортын 30 миллион долларға жеткериў, Азия раўажланыў банки менен 5 қәнигелескен орайды жеке меншик басқарыўға берилиўин тезлестириў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Қоңсы мәмлекетлер менен шегарадағы постларға жақын аймақта жайласқан 60 емлеўханада өткен жылы 300 мыңнан аслам адамға медициналық хызмет көрсетилген. Мәселен, тек ғана «Айритом» халықаралық саўда зонасында ашылған жеке меншик клиника өткен жылдың өзинде 15 мың сырт ел пуқарасына медициналық хызмет көрсетти.
Бирақ 3 мәмлекет пенен шегаралас, 7 бажыхана посты болған Ташкент ўәлаятындағы шегара алды аймағында ҳеш бир клиника жоқ. Наманганда да сондай жағдай.
Соның ушын, ўәлаят ҳәкимлерине қоңсы мәмлекетлер менен шегара алды аймақларында 21 көп тармақлы клиника шөлкемлестириўди баслаў тапсырылды.
ӨзА