Қайсы басшы санластырыўды кешиктирсе ашық-айдынлық сиясатымызға қарсы шыққан болады-Президент

Президент хызметлер тараўында бәсекиге шыдамлылықты арттырыў тиккелей аймақ ҳәм тармақларды санластырыў дәрежеси менен байланыслы екенлигин атап өтти.
Кадастр агентлигине көшпес мүлк мәнзиллериниң бирден-бир реестрин тез ўақыт ишинде ақырына жеткериў, Транспорт министрлигине барлық түрдеги жолаўшы транспортына билет алыў имканиятын беретуғын бирден-бир платформаны иске қосыў кешигип атырғанлығы көрсетип өтилди.
-Қайталап айтаман. Қайсы басшы санластырыўды кешиктирсе –ашық-айдынлық сиясатымызға қарсы шыққан болады,-деди Президент.
Министрлер Кабинетине ҳәр бир министр ҳәм ҳәкимге санластырыў бойынша өз алдына KPI, анық ўазыйпа ҳәм мүддетлерди белгилеп бериў тапсырылды.
Мысалы, Туризм комитети туристлер мийманхана, дем алыў орайларын «брон» етиў, авиа ҳәм темир жол, музей, театрға билет сатып алыў, гид ҳәм дилмашларды жаллаў сыяқлы хызметлерди аралықтан турып алыў имканиятын беретуғын бирден-бир платформаны иске түсириўи керек.
Яки, Сыртқы ислер ҳәм Әдиллик министрликлери Өзбекстанға кириў ушын электрон визаны 3 күнде рәсмийлестириў имканиятын жаратыўы керек.
ӨзА