Шайыр шығармалары және бир мәрте еске алынды

254

Қарақалпақстан Республикасы Педагогикалық шеберлик орайында түркий халықлар әдебиятының көрнекли ўәкили, өзбек әдебий тилиниң тийкарын салыўшысы, шайыр ҳәм мәмлекетлик ғайраткер, ғәззел мүлкиниң султаны Әлийшер Наўайының туўылғанына  584 жыл толыўы мүнәсибети менен “Навоий ёди-ла яшаймиз мудом” атамасында илаж шөлкемлестирилди.

Атап өтилгениндей, уллы шайыр ҳәм ойшыл, белгили мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткер Әлийшер Наўайының бийбаҳа дөретиўшилик-илимий мийрасы тек ғана халқымыздың емес, соның менен бирге, дүнья әдебияты тарийхында, миллий мәдениятымыз ҳәм әдебий эстетикалық ойларымыздың раўажланыўында айрықша орынға ийе.

Уллы шайыр өзиниң поэзиялық ҳәм прозалық шығармаларында улыўма инсаный идеяларды улығлап, өзбек тилиниң сөз байлығы ҳәм шексиз түсиндириў имканиятларын көрсетип берип, жер жүзиндеги миллионлаған китапқумарлардың жүрек төринен мүнәсип ҳәм беккем орын ийеледи.

Илажда қатнасыўшыларға  Әлийшер Наўайының өмир жолы ҳәм энциклопедиялық билимлери ҳаққында тапсырмалар берилди.

Илаж даўамында тараў қәнигелери, муғаллимлер Наўайы ғәзеллеринен үзиндилер оқып, өз-ара пикир алысты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги