ДССМ: Туберкулёз бенен кеселлениў бир қанша азайды

Халықаралық «Шегарасыз шыпакерлер» шөлкеми менен бирге ислесиў өзиниң унамлы нәтийжелерин бермекте,-деп хабар бермекте Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң мәлимлеме хызмети.
Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги ҳәм халықаралық «Шегарасыз шыпакерлер» шөлкеми туберкулёз кеселлигин емлеў бойынша 1998-жылдан баслап бирге жумыс алып бармақта.
ДОТС+ бағдарламасы 2003-жылға келип республикамыз барлық районларын қамтып алды.
Туберкулёз кеселлигинде дәриге турақлылықты анықлаў мақсетинде Республика фтизиатрия ҳәм пульмонология орайы лабораториясында 2003-жылдан баслап дәриге сезимталлықты тексериў жумыслары жолға қойылды ҳәм сол жылдан баслап дәриге сезимталлық тести нәтийжеси бойынша емлеў ушын ДОТС+ бағдарламасы бойынша емлеў басланды.
Ҳәзирги ўақытта Республика фтизиатрия ҳәм пульмонология лабораториясында заманагөй лаборатория жумыс ислеп турыпты. Халықаралық «Шегарасыз шыпакерлер» шөлкеми тәрепинен өткен жыллар даўамында наўқасларды үзиликсиз дәри менен тәмийинлеў ушын дәри-дармақ ҳәм лабораториялық реактивлер менен турақлы түрде тәмийинлеў әмелге асырылып келинди.
Туберкулёз кеселлигинде жаңа емлеў усылларын қолланыў ушын, биргеликте 6 айлық қысқа емлеў усылы бойынша клиникалық изертлеў жумыслары алып барылып, нәтийжеде бул усыл жоқары нәтийже көрсеткенлиги себепли пүткил дүнья жүзине туберкулёз кеселлигин емлеў ушын Дүнья жүзилик денсаўлықты сақлаў шөлкеми тәрепинен усыныс етилди.

Ҳәзирги ўақытта жумыс барысында анықланған машқалаларды сапластырыў ушын айына бир мәрте «Шегарасыз шыпакерлер» шөлкеми қәнигелери ҳәм Республика фтизиатрия ҳәм пульмонология орайы администрациясы менен мәжилис өткерилип турылады.
Бирге ислесиў нәтийжесинде республикамызда туберкулёз кеселлиги менен кеселлениў көрсеткишлерин бир қанша азайтыўға ерисилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги