Кадастр хызметиниң ўазыйпалары кеңеймекте

Кадастр агентлиги ҳәм Мәмлекетлик кадастрлар палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармалары тәрепинен ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери ушын баспасөз конференциясы шөлкемлестирилди.
Баспасөз конференциясында Кадастр агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығының орынбасары П.Сейтмуратов, Мәмлекетлик кадастрлар палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасының баслығы С.Урунбаевлар шығып сөйлеп, 2024-жыл даўамында әмелге асырылған илажлар, атап айтқанда, нызамсыз қурылмаларды анықлаў, көшпес мүлкке болған ҳуқықларды мәмлекетлик дизимнен өткериў, кадастр паспорты рәсмийлестириўи, жерлерди аукционға шығарыў, архив иси тараўы бойынша исленген жумыслар туўралы мағлыўматлар берилди.

Атап өтилгениндей, Кадастр агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен жерлерди өзбасымшалық пенен ийелеў хәм ҳүжжетсиз имарат қурыў жағдайларын анықлаў бойынша өткен 2024-жыл даўамында 4706 жағдайда 590,3 гектарлық жер орынлары өзбасымшалық пенен ийеленгени анықланды.
Соннан, 3326 гектарда 480,7 жағдай сапластырылып, 1276 жағдай (101,6 гектар) бойынша суд уйымларына даўа арзасы киргизилген ҳәм 80 жағдай (8,5 гектар) бойынша тийисли ҳүжжетлер прокуратура уйымларына жиберилген.
Көшпес мүлкке болған ҳуқықларды мәмлекетлик дизимнен өткериў бойынша 2024-жыл даўамында физикалық ҳәм юридикалық тәреплерден жәми 114 мың 617 арза (буйыртпа) қабыл етилди. Соннан 29 мың 657 арза белгили себеплерге бола бийкар етилген, 5483 арза көрип шығылмақта, 79 477 физикалық ҳәм юридикалық тәрепке хызметлер көрсетилди.
Көшпес мүлк объектлерине кадастр паспортын рәсмийлестириў бойынша
2024-жылы физикалық ҳәм юридикалық тәреплер жағынан жәми 111344 арза келип түскен. Соннан 75270 арза жуўмақланған. 31027 арза бийкар етилген, 759 арза көрип шығылмақта, 3663 арза төлем процесинде.
Исбилерменлик ҳәм қала қурылысы жумысларын әмелге асырыў ушын жер участкаларын мүлк ҳуқықы ҳәм ижара ҳуқықы тийкарында электрон онлайн-аукцион арқалы бериў бойынша 194,31 гектар майданда 3722 жер участкасы “E-auksion” саўда майданшасында сатыўға қойылып, 384 жер участкасы реализацияланған.
Жеке тәртипте турақ жай қурыў ҳәм турақ жайын абаданластырыў ушын жер участкаларын электрон онлайн-аукцион арқалы реализациялаў бойынша, жәми 9212 жер участкасы аукционда сатыўға шығарылған, 5920 жер участкасы “E-auksion”да реализацияланған.
Филиаллардың архивинде жәми 476081 дана физикалық ҳәм юридикалық тәреплерге тийисли болған кадастр ҳүжжетлериниң жыймалары бар. Бул архив ҳүжжетлери реже-график тийкарында хатлаўдан өткерилип, Қараөзек, Әмиўдәрья, Шоманай, Бозатаў ҳәм Тахтакөпир районлары филиалларында архив ҳүжжетлерин номерлер бойынша 85442 ҳүжжеттиң қайта тәртиплестириў жумыслары жуўмақланды.
Әмиўдәрья ҳәм Нөкис қаласы филиалларына жәми 47 заманагөй мобиль стеллажалар орнатылды. Бул ҳүжжетлердиң айрықша жағдайлар жүз бергенде, суў тасқынлары ҳәм басқа да ҳәдийселерден қәўипсиз, узақ мүддетке сақланыўы, келешек әўладқа сапалы ҳалда жеткерип бериўин тәмийинлейди.
Сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасында бар болған 476 081 дана кадастр ҳүжжетлеринен 472321 ҳүжжет сканерден өткерилип NexCloud системасына киргизилди. Кадастр номерлери бойынша тәртиплестириўде ҳүжжетлерди аңсат ҳәм тез табыў, соның менен бирге, электрон нусқаларының жыллар даўамында сақланыўы тәмийинленеди.
Баспасөз конференциясында қатнасыўшылар пикир-усынысларын билдирип, басқармадағы заманагөй мобиль стеллажаларды көрип, жерлерди өзбасымшалық пенен ийелеў хәм ҳүжжетсиз имарат қурыў жағдайлары, исбилерменлик пенен шуғылланыў ушын жер майданын алыў тәртип-қағыйдалары, NexCloud системасы ҳәм басқа да мәселелер бойынша қызықтырған сораўларына жуўап алды.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги