Бухара ҳәм Самарқандқа келген туристлердиң көпшилиги Хийўаға авиарейс болмағаны ушын қайтып кетпекте

228

Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында видеоселектор мәлимлемеси даўам етпекте .

Сервисти раўажландырыў бойынша, министр ҳәм ҳәкимлерде  қатнас ҳәр қыйлы екени, биргеликте ислесиў жолға қойылмағаны көрсетип өтилди.

Мәселен, Хорезмге 6 миллион жергиликли ҳәм сырт елли турист алып келиў режелестирилген болса да, Хорезмге ҳәптесине 52 авиарейс ҳәм 23 поезд қатнаўында тасылып атырған жолаўшылар жылына 800 мыңнан артпай атыр. Бухара ҳәм Самарқандқа келген туристлердиң көпшилиги Хийўаға авиарейс болмағаны ушын қайтып кетпекте.

Және бир мысал, жети жылда жеке меншик клиникалардың саны 3 есеге артты. Көп клиникалар алып келинген бренд медициналық үскенелерди дизимнен өткериў 6 айға шекем созылып атырғанынан наразы болып, шеттен келетуғын үскенелерди әпиўайыласқан  тәртипте дизимнен өткериў усынысын бермекте.

Орынларда медициналық лаборатория ашыў ушын исбилерменлер аккредитациядан өтиўге  айлап ўақыт жумсамақта. Тосқынлықлар оғада көп. Дәслепки есап-санақларға бола, ҳәр бир ўәлаятта онлаған усындай исбилерменлер бар. Олар 1 миллион доллардан пул қойып, лаборатория ашыўға таяр.

ӨзА