«Үлкен секириў» болған тараўлар айтылды

256

Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында хызмет көрсетиў тараўларын раўажландырыў бойынша тийкарғы ўазыйпалардың орынланыўы бойынша видеоселектор мәжилиси басланды.

Үш жыл алдын қабыл етилген хызметлер секторын раўажландырыў бойынша үлкен бағдарлама бүгин нәтийжесин берип атырғаны атап өтилди.

Қосымша 1,5 миллион халық сервис тараўында турақлы дәраматқа ийе болды. Хызметлер 2018-жылдағы 19 миллиардтан 65 миллиард долларға артты (өсиў – 3,5 есе).

Әсиресе, IT, қаржы хызметлери, туризм, авиация, билимлендириў ҳәм медицина тараўларында «үлкен секириў» болды.

Соңғы жети жылда халықтың дәраматы ҳәм төлем қәбилети 2 есеге өскени нәтийжесинде халықта жаңаша хызмет ҳәм сервис түрлерине талап артпақта.

Соған жараса министрлер ҳәм ҳәкимлер талапқа сай түрде хызметлерди раўажландырыўы керек екенлиги атап өтилди.

ӨзА