«Харбин-2025»: АОКниң 93 атқарыў комитетиниң мәжилиси өткерилди

194

Қытайдың Харбин қаласында Азия Олимпиада кеңеси (АОК)ниң 93 атқарыў комитетиниң мәжилиси болып өтти. Мәжилисте АОК вице-президенти, Өзбекстан Миллий олимпиада комитети баслығының биринши орынбасары  Отабек Умаров қатнасты.

Илаж алдында Харбин қаласы мериясының ўәкили мийманларды  күтип алғанынан қуўанышлы екенин билдирип, қысқы Азия ойынларында қатнасып атырған спортшыларға әўмет тиледи. Әнжуман даўамында «Аичи-Нагоя-2026» жазғы Азия ҳәм 2029-жыл Саудия Арабстанында шөлкемлестирилетуғын келеси қысқы Азия ойынларына таярлық бойынша презентациялар өткерилди.

«Харбин-2025» қысқы Азия ойынларының бағдарламасынан 11 спорт түри орын алған болып, ҳәзирги күнде кёрлинг ҳәм хоккей бағдарларындағы сайлап алыў жарыслары даўам етип атырғанын айтып өтиў керек. Өзбекстан спортшылары дәслеп ойынлар бағдарламасынан орын алған шорт-трек жарысларында өз әўметин сынақтан өткереди.

Еслетип өтемиз, 14-февральға шекем даўам ететуғын «Харбин-2025» қысқы Азия ойынларының 6 спорт түринде 24 спортшымыз Ўатанымыздың абырайын қорғайды.

Т.Рўзиев, ӨзА